БМШ Бас Ассамблеясы Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған «Орайлық Азия глобаллық климат қәўип-қәтерлер алдынан: турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық жолында регионаллық тилеклесликти  беккемлеў» резолюциясын бир даўыстан қабыллады.

«Дунё» Мәлимлеме агентлигиниң берген мағлыўматына бола, резолюция текстин ислеп шығыў ҳәм келисиў бойынша ҳүкиметлераралық сөйлесиўлер процеси БМШтың Нью-Йорктағы резиденциясында усы жылдың октябрь-ноябрь айларында болып өткен. Мәсләҳәтлесиўлерде дүнья жүзиниң барлық континентлеринен жәми жүзден аслам мәмлекетлердиң экспертлери белсене қатнасып, текстти өзине тән мазмун менен толықтырыў ҳәм улыўма консенсусқа ерисиў ушын көплеген усынысларды киргизген.

«Ҳүжжет текстинде Өзбекстан Президентиниң бир қатар басламалары, соның ишинде, «Орайлық Азия ушын «жасыл» күн тәртиби» ҳәм оның регионда турақлы раўажланыўға жәрдемлесиўдеги роли айрықша атап өтилген. Резолюцияда БМШқа ағза мәмлекетлер Өзбекстанның Халықаралық климат форумын 2024-жылы Самарқанд қаласында өткериў басламасын да қоллап-қуўатлады.

Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин жумсартыў бағдарындағы ҳәрекетлерге итибар қаратылып, Өзбекстан Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилген БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст фондының жумысын күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилген. Сол себепли, халықаралық жәмийетшиликке бул қорды жедел қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў ҳаққында мүрәжат жоллаған», – делинеди Агентлик хабарында.

Сондай-ақ, ҳүжжетте шөллениў ҳәм жерлердиң деградациясына қарсы гүресиўде инновациялық усыллар ҳәм жаңа технологияларды енгизиў әҳмийетли екени атап өтилген.

Резолюцияда Орайлық Азияда климат ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы гүресиў мақсетинде турақлы аўыл хожалығы, бағшылық, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергия нәтийжелилиги, шығындыларды қайта ислеў, турақлы туризмди раўажландырыў, «ақыллы қалалар» ҳәм турақлы транспортты жаратыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленген.

Бас Ассамблея, сондай-ақ, БМШ системасы, халықаралық ҳәм финанслық институтлар, жеке меншик сектор, инвесторлар ҳәм донорларға Орайлық Азиядағы экологиялық машқалаларды шешиў ушын ресурсларды жумсаў, потенциалын арттырыў ҳәм жәрдем көрсетиўди даўам еттириўди усыныс етеди.

Резолюцияда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстанның қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы басламалары да билдирилген.

Ҳүжжет барлық Орайлық Азия мәмлектелери атынан усынылды.

Резолюцияның биргеликтеги авторлары қатарынан Германия, Швейцария, Түркия, Қытай, Сингапур, Венгрия, Вьетнам, Әзербайжан, Армения, Малайзия, Индонезия, Египет, Иордания, Парагвай (БМШтың барлық регионаллық топарларының ўәкиллерин қамтып алған) сыяқлы мәмлекетлер де кирди.

Резолюция қабыл етилгеннен кейин БМШ Мәлимлеме хызмети «БМШ Бас Ассамблеясы Орайлық Азиядағы экологиялық машқалаларға қарсы гүресиў бойынша резолюцияны қабыл етти» атамасындағы мақаланы жәриялаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги