Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мағлыўматына бола бүгин видеоконференцбайланыс форматында Өзбекстан Республикасы басшылығында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары басшыларының Мәсләҳәтлесиў кеңесиниң II мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Мәсләҳәтлесиў кеңесиниң ағзалары Армения Республикасынан В.Овакимян, Беларусь Республикасынан И.Карпенко, Қырғыз Республикасынан Н.Шайдалбекова, Тәжикстан Республикасынан Б.Худоёрзода, Өзбекстан Республикасынан З.Низамхожаев, Россия Федерациясынан Н.Балуев сыяқлы сайлаў уйымларының басшылары қатнасты.

Сондай-ақ, мәжилисте мәсләҳәт даўысы ҳуқықына ийе болған Мәсләҳәтлесиў кеңесиниң ағзаларынан ҒМДА Бас хаткериниң орынбасары И.Неъматов ҳәм ҒМДА ПА Бас хаткери – Секретариат баслығы Д.Кобиский қатнасты.

Мәжилис күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерден бири Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық аўқамына ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары басшыларының Мәсләҳәтлесиў кеңесиниң Регламентин тастыйықлаў болды.

ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымлары басшыларының Мәсләҳәтлесиў кеңеси ҳаққындағы Режеге муўапық, Мәсләҳәтлесиў кеңеси өз жумысына байланыслы регламентин қабыл етиўи мүмкин екени атап өтилди.

Ҳүжжет бес бөлимнен ибарат болып, Мәсләҳәтлесиў кеңесиниң жумыс тәртиби, оның мәжилислерин шөлкемлестириў ҳәм өткериў, Мәсләҳәтлесиў кеңеси көрип шығыў ушын киргизилетуғын ҳүжжетлерди таярлаў ҳәм қабыл етиў, қабыл етилген қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў тәртибин белгилейди.

Күн тәртибиндеги киргизилген және бир мәселе, бул – жас әўладты сайлаў процесслерине тартыўдың мәселеси болды.

Бул теманың әҳмийетлилиги Дослық мәмлекетлеринде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, жаслардың ҳуқықый тәрбиясы және олардың социаллық әҳмийетке ийе басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы жас әўладты мәмлекеттиң сиясий турмысына кеңнен тартыўдың әҳмийети менен тиккелей байланыслы болып есапланады.

Мәжилис даўамында 2024-жылы 25-февральда болып өтетуғын Беларусь Республикасы Миллий Ассамблеясы Ўәкиллер палатасының депутатлар сайлаўы ҳәм 17-мартта болып өтетуғын Россия Федерациясы Президентиниң сайлаўын мониторинг етиўде Мәсләҳәтлесиў кеңеси ағзаларының қатнасыўы додаланған.

Сондай-ақ, өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыўға бағышланған мәжилис мәселеси шеңберинде ҒМДА ПАға ағза мәмлекетлерде Демократия, парламентаризм ҳәм пуқаралардың сайлаў ҳуқықларына әмел етилиўин мониторинг етиў халықаралық институты тәрепинен сайлаў қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм жаслардың ҳуқықый тәрбиясы менен руўхый билимлендириўине қаратылған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ҳәр еки тема да айрықша әҳмийетке ийе болып, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша сайлаў уйымларының мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, халықаралық ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, экспертлер жәмийетшилиги менен өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири екени айрықша атап өтилди.

ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў уйымларының басшылары Мәсләҳәтлесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2024-жылдың екинши ярымында Өзбекстан Республикасында өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди, делинеди Орайлық сайлаў комиссиясының хабарында.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА