Россия Федерациясының Өзбекстан Республикасындағы Елшиси О.Мальгинов Сыртқы ислер министрлигине мирәт етилди.

2023-жыл 21-декабрь күни Сыртқы ислер министрлигине Россия Федерациясының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси О.Мальгинов мирәт етилди. Ушырасыў даўамында Россия ўәкилине «Россия сегодня» баспасөз орайында болып өткен конференцияда «Справедливая Россия – за правду» партиясының биргеликтеги басшысы Захар Прилепинниң Өзбекстан аймағын Россияға қосып алыў зәрүрлиги ҳаққындағы усынысы мәмлекетимизде терең тәшўиш сезими менен қабыл етилгени айрықша тәризде жеткерилди.

Россия Федерациясы сыяқлы дос мәмлекет партия басшыларының бундай ойламай билдирип атырған мүнәсибетлери, тилекке қарсы, Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық руўхына сәйкес келмейтуғыны мәлим етилди.

Россия ғалаба хабар қуралларында кеңнен тарқалған бундай билдириўлер билетура провакациялық руўхта болып, халықларымыз арасында орнатылған тарийхый дослық қатнасықларға унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Өз гезегинде О.Мальгинов толық жуўапкершилик пенен З.Прилепинниң билдириўлери Россия Федерациясы басшысының дос ҳәм ғәрезсиз Өзбекстан ҳаққындағы рәсмий позициясына улыўма байланысы жоқ екенин атап өтти.

Россия Федерациясының Өзбекстандағы ўәкили сыпатында Елши «Өзбекстан Республикасының суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлиги оның мәмлекетинде ҳеш қашан гүманға алынбаған»ын атап өтти.

О.Мальгинов, сондай-ақ, Россия Сыртқы ислер министрлиги жақын ўақыт ишинде бул ҳәдийсе бойынша түсиник бериўди режелестирип атырғанын атап өтти.

ӨзА