Ташкент қаласында “Жылдыӊ еӊ жақсы жаслар жетекшиси” таӊлаўыныӊ мәмлекетлик басқышы жеӊимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Атап өтилгениндей, буннан еки жыл бурын барлық пуқаралар жыйынларында жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилген еди. Быйылғы жылы олардыӊ арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў, интеллектуаллық ҳәм профессионаллық  потенциалын қәлиплестириў мақсетинде бул  таӊлаў өткерилди. Аймақлық басқышларда жеӊимпаз болған 140 жаслар жетекшиси 10 бағдар бойынша беллесип, жеӊимпазлар анықланды.

Олардыӊ арасында Қарақалпақстанлы 3 жаслар жетекшиси сыйлы орынларды ийеледи. Атап айтқанда, Төрткүл районындағы Шадлық пуқаралар жыйыныныӊ жаслар жетекшиси Раўшанбек Жанибеков “Айрықша итибарға мүтәж жаслар менен ислескен еӊ үлгили жаслар жетекшиси” бағдарында биринши орынды ийелеген болса, Қоӊырат районындағы  Қаӊлы аўыл пуқаралар жыйыныныӊ жаслар жетекшиси Алишер Хасанов “Ҳуқықбузарлық ислеўге бейимлиги болған ҳәм жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген жаслар менен системалы ислескен еӊ үлгили жаслар жетекшиси”, Шымбай районындағы Кеӊес  аўыл пуқаралар жыйыныныӊ жаслар жетекшиси Дамир Бийимбетов “Қәбилетли ҳәм интеллектуал белсенди жаслар менен белсене ислескен еӊ үлгили жаслар жетекшиси” бағдарында үшинши орынларды ийеледи.

Сыйлықлаў мәресиминде биринши орын ийелерине 25 миллион сум, екинши орын ийелерине 20 миллион сум, үшинши орын ийелерине 15 миллион сум ақшалай сыйлық, диплом, статуэтка ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.