2023-жыл 20-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ сегизинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Дәслеп Сенаттың  қырқ сегизинши жалпы мәжилисинде «2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам сенаторлар тәрепинен көрип шығылды.

Додалаўлар процесинде 2024-жылы мәмлекетимиз экономикасында жалпы ишки өнимниң өсиў пәтлери 5,6-5,8 процент муғдарында болыўы бақланып атырғаны атап өтилди.

Нызамда 2024-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматлары 375,0 триллион сум муғдарында, қәрежетлер болса 427,6 триллион сум муғдарында режелестирилген ҳалда консолидацияласқан бюджет 52,6 триллион сум ямаса жалпы ишки өнимге салыстырғанда 4 процент муғдарындағы жетиспеўшилик пенен қәлиплестирилди.

Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 270,4 триллион сумды, қәрежетлер болса Мәмлекетлик мақсетли қорларға трансфертлерди есапқа алған ҳалда 312,9 триллион сумды қурады.

Онда салық сиясатының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилген болып, оған бола тийкарғы салық ставкалары өзгериссиз қалдырылған.

Мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары ҳәм қәрежетлери (бюджетлераралық трансфертлер есапқа алынбаған ҳалда) тийислисинше 55,2 триллион сум ҳәм 85,8 триллион сум муғдарында режелестирилмекте.

Кейинги жылы да бюджет қәрежетлериниң социаллық қаратылғаны сақлап қалынып, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, илим, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, мүтәж халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм басқа да социаллық илажлар ушын жәми Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 50 проценти ямаса 151,5 триллион сум қаратылады.

Нызамда тийкарынан «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳәм турақлы раўажланыў миллий мақсетлеринде нәзерде тутылған тийкарғы бағдарлар ҳәм ўазыйпаларға ерисиў есапқа алынған.

Додалаўлар процесинде сенаторлар бюджет дәраматларын арттырыўға айрықша итибар қаратты. Жасырын экономикалық жумысты қысқартыў, бюджет қаржыларынан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыў, ажыратылған қаржылардың нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша өз пикирлерин билдирди.

Атап өтилгениндей, жергиликли ҳәм импортқа белгиленген акциз салығы ставкаларын теңлестириў мақсетинде алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң импорты ушын ставка 5 процентке төменлетип, жер астынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы цемент ислеп шығарыўға мөлшерленген ҳәк тастың 1 тоннасы ушын 2 есеге төменлемекте.

Сондай-ақ, сенаторлар нызамда бюджет дәраматлар базасын кеңейтиў, салық сиясатын белгилеўде саламат турмыс тәризин жақсылаў ҳәм тәбиятты қәстерлеп сақлаўды хошаметлеўге итибар қаратылғанына айрықша тоқтап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин жалпы мәжилисте 2024-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет мақулланыўы менен бирге «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2024-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларының қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызамда 2024-жыл ушын салық сиясатының тийкарғы бағдарлары белгиленип, жергиликли өндирисшилердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, өзин-өзи бәнт еткен шахсларға салық салыў тәртибин жетилистириў, қосымша қун салығы шынжырының үзликсизлигин тәмийинлеў, тәбийғый байлықлардан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, абсолют суммада белгиленген салық ставкаларының күтилип атырған инфляция дәрежесинен келип шыққан ҳалда индексацияланыўы нәзерде тутылмақта.

Аўыр жүк машиналары тәрепинен республикалық ҳәм жергиликли дәрежедеги жоллардан пайдаланыўда оларды жарамсыз ҳалға келтириў ақыбетинде жеткерилип атырған зыянды қаплаў мақсетинде жүк көтериў қуўатлылығы 10 тоннадан жоқары болған жүк автотранспорт қураллары ҳәм тиркемелердиң автомобиль жоллары бойлап ҳәрекетлениў ҳуқықы ушын жыйым енгизилмекте.

Бизнес жүргизиўди әпиўайыластырыў мақсетинде салық есабатын сақлаў ҳәм салық миннетлемеси бойынша шағым етиў мүддетлери қысқартылып, бес жыллық мүддетлер үш жыл етип белгиленбекте.

Салық төлеўшилерге жеңилликлер жаратыў мақсетинде қағазпазлықты сапластырыў, артықша ҳүжжетлер талап етпеў және олардың ўақыт ҳәм қаржыларының жумсалыўын азайтыў ушын салық уйымларының салық төлеўшилеринен (салық агентинен) ҳүжжетлер талап етип алыў ўәкиллиги бийкар етилмекте.

Сырт ел ҳәм жергиликли исбилерменлер ушын бир түрдеги шараят жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы аймағында товарларды (хызметлерди) реализациялаўшы сырт елли юридикалық тәреплер, егер товарларды (хызметлерди) реализациялаў орны деп Өзбекстан Республикасы тән алынса, ол жағдайда қосымша қун салығы төлеўшиси болатуғыны белгиленбекте.

Өзин-өзи бәнт еткен шахслардың мийнет етиўи нәтийжесинде ямаса товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәраматы салық дәўиринде жүз миллион сумнан артқан күннен баслап жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын белгиленген тәртипте салық төлеўи нызамда нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте нызам менен киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшаларға айрықша итибар қаратылып, Өзбекстан Республикасының «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Шығындылар ҳаққында»ғы нызамларында 2024-жылы 1-июльден баслап пневматик резина шиналар ҳәм покрышкалар өзиниң тутыныў қәсийетлерин жойытқанынан кейин пайда болатуғын шығындылардың зыянлы тәсиринен қорғаў ушын утилизациялаў жыйымы нәзерде тутылғаны атап өтилди.

Сенаторлар додалаў даўамында нызам исбилерменликти раўажландырыўға, халықтың саламатлығын ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық машқалаларды сапластырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар «2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамын көрип шықты.

Нызам менен бурын тастыйықланған Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген муғдары 3,0 проценттен 5,5 процентке өзгертилмекте.

Сондай-ақ, жүзеге келген қосымша қәрежетлерди қаплаў мақсетинде нызамда 2023-жыл ушын Ҳүкимет атынан ҳәм Өзбекстан Республикасының кепиллиги астында сыртқы қарызларды тартыў бойынша жыллық қол қойылатуғын жаңа келисимлердиң шекленген көлеми 4,5 миллиард АҚШ долларынан 5,5 миллиард АҚШ долларына өзгертилмекте.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметиниң тийкарғы тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикалық бюджеттен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарлары қосымша қәрежетлер есабынан арттырылмақта.

Атап айтқанда, 2023-жыл 1-январьдан жаңадан шөлкемлестирилген Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жыл басында тастыйықланған қәрежетлерине қосымша қаржы ажыратылып, бул қаржылар балаларды азық-аўқат пенен тәмийинлеўге, улыўма орта билимлендириў мәкемелерин Финляндия тәжирийбеси тийкарындағы жаңа әўлад сабақлықлары менен тәмийинлеўге, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери санының артыўы есабынан Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған субсидия ушын қәрежет етилетуғыны нәзерде тутылған.

Аўыл хожалығы министрлигиниң жыл басында тастыйықланған қәрежетлерине қосымша түрде қаржылар қосымша қун салығы төлеўшиси болған шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық хожалықлары тәрепинен жетистирилген ҳәм халыққа сатылып атырған өнимлер ушын субсидиялар ушын қаратылмақта.

Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң жыл басында тастыйықланған қәрежетлерине қосымша түрде қаржы ажыратылмақта ҳәм айырым қәрежетлерди жергиликли бюджетлер, министрликлер ҳәм уйымларға қайта қаратыў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, напақа алыўшы шаңарақлар саны 2,1 миллионнан артқаны (жыл басында 1,5 миллион болған) есабынан социаллық напақалар ушын қәрежетлерге қосымша 1 триллион 808 миллиард сум ажыратылмақта.

Соның менен бирге, мәмлекетлик социаллық тараў объектлериниң ыссылық тәмийнаты системасын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында көмир жанылғысына өткериў ҳәм модернизациялаўға байланыслы қәрежетлерге 500 миллиард сум ажыратылмақта.

Сенаторлар 2023-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамға киргизилип атырған барлық өзгерислер мәмлекетимиздеги әҳмийетли машқалаларды шешиўге ҳәм оларды қаржы менен тәмийинлеўге қаратылғанын атап өтип, бул нызамды мақуллады.

Буннан кейин «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққын»ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде инсанның нызамлы ҳуқықлары ҳәм мәплерин сөзсиз тәмийинлеўге, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин арттырыўға және олардың маман юридикалық жәрдем алыўға болған ҳуқықлары кепилликлерин күшейтиўге қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилип, пуқараларға Өзбекстан Республикасы Конституциясы менен кепиллинген маман юридикалық жәрдем алыў ҳуқықынан толық пайдаланыў имканияты жаратылды.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерин «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы нызамына муўапықластырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў ҳуқықына ийе болған шахсларға юридикалық жәрдем көрсетиў ушын жынаят, пуқаралық ислер ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислер бойынша ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда қатнасыўын тәмийинлеў тәртибин белгилеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, бул нызам пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын буннан былай да кеңейтиўге ҳәм мәмлекет есабынан маман юридикалық жәрдем алыў ҳуқықын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде пуқаралар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қызғын додаланды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәмлекетимизде пуқаралардың әдил судлаўдан пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судға шағым етиў имканиятын кеңейтиў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы менен ҳәр кимге өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленди.

Соның менен бирге, ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиў имканиятларын буннан былай да кеңейтиў, лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Усы мүнәсибет пенен «Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызамға мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажыны пуқаралардан алдыннан өндирместен, бул бажыны исти көрип шығыў нәтийжелерине бола айыпкер тәрептен өндириў тәртибин нәзерде тутатуғын, сондай-ақ, мәмлекетлик бажының көрсетилген ставкасы муғдарының төменлетилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлардың сөзлерине бола, нызам пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплери суд тәртибинде қорғалыўын тәмийинлеўге, олардың әдил судлаўдан пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиў имканиятын кеңейтиўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин Сенаттың қырқ сегизинши жалпы мәжилисинде «Төлемге уқыпсызлық ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

«Төлемге уқыпсызлық ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўи оның қағыйдалары бир түрде қолланылыўы ушын әмелдеги нызам ҳүжжетлери нормаларын оған муўапықластырыў зәрүрлигин келтирип шығарды.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының нызамлары ҳәм кодекслерине физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң төлемге уқыпсызлық белгилери, сондай-ақ, төлемге уқыплылығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершиликке тартыў тийкарларының айқынластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Кодекс ҳәм нызамлардағы «банкротлық» атамасы орнына экономикалық қыйын жағдайға түскен исбилерменлик субъектлерин қаржылай саламатландырыўды нәзерде тутатуғын «төлемге уқыпсызлық» атамасы киргизилмекте.

Сондай-ақ, Жынаят кодексинде жасалма төлемге уқыпсызлық, қастан төлемге уқыпсызлыққа алып келиў жағдайлары ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Пуқаралық кодексине физикалық тәрептиң төлемге уқыпсызлығына байланыслы жаңа норма (261-статья) киргизилмекте. Оған бола қарыздар физикалық тәреп пул миннетлемелери бойынша кредиторлардың талапларын толық көлемде қанаатландырыўға ҳәм салықлар және жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға уқыплы болмаса, суд тәрепинен төлемге уқыпсыз, деп табылыўы мүмкин.

Салық кодексине және бир әҳмийетли өзгерис киргизилмекте. Оған бола юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, исбилерменлер ушын төлемге уқыпсызлықтың саламатландырыў процесинде ағымдағы салық төлемлерин төлеўди тоқтап турыў ҳәм бул тәртип-қағыйда жуўмақланғаннан кейин салық қарызларын алты ай ишинде тең муғдарда бөлип-бөлип төлеў имканияты жаратылмақта.

Сенаторлардың атап өтиўинше, нызам «Төлемге уқыпсызлық ҳаққында»ғы нызамның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлеўге, оның қағыйдаларын қолланыўда түрлише таллаўлар ҳәм қарама-қарсылықлардың сапластырылыўына хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын басқышпа-басқыш реформалаў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў, сондай-ақ, архив иси тараўында зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлардың жумысында артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың ҳуқықларын қорғаўдың жаңа механизмлерин енгизиў, көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлер дизимин кеңейтиў ҳәм мәмлекетлик емес архивлер жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар көриў зәрүрлиги ҳәзир де бар.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының нызамларына пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен көрип шыққаны ямаса мәмлекетлик дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажы, жыйымлар ямаса басқа да төлемлер төленгени ҳаққында төлем ҳүжжетлериниң көширме нусқаларын усыныў ҳаққындағы талап бийкар етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызам менен юридикалық тәреплерди Жеке меншик бәнтлик агентликлериниң реестрине киргизиў тәртип-қағыйдасы да әпиўайыластырылмақта.

Буннан тысқары, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы нызамға ғалаба хабар қуралларын дизимнен өткериў ҳаққындағы арзаны дизимнен өткериўши уйым тәрепинен көрип шығыў мүддети 15 күннен 10 күнге қысқартылыўын, «Адвокатура ҳаққында»ғы нызамға болса адвокатқа гүўалық бериў мүддетиниң қысқартылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, адвокатлық бюроларды, адвокатлық фирмаларды ҳәм адвокатлар төрешилерин дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ҳәм юридикалық мәсләҳәтханаларды қайта дизимнен өткериў функциялары әдиллик уйымларынан Мәмлекетлик хызметлер орайларына өткерилмекте. Онда дизимнен өткергени ушын төленетуғын мәмлекетлик бажылар муғдарлары да азайтылмақта.

Сондай-ақ, бағшылық-жүзимгершилик ширкетлерин, тутыныў, өндирис ҳәм аўыл хожалығы кооперативлерин дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) де Мәмлекетлик хызметлер орайларына жүкленбекте.

Әмелдеги нызамшылыққа гербли гүўалықларда мәмлекетлик герб ҳәм QR-коды (матрик штрихли код) сүўрети болыўы ҳаққындағы талап беккемлеп қойылатуғынын, топланып барылатуғын пенсия системасында 16 жасқа толған пуқараларды есапқа алыў тәртиби енгизилетуғынын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының мәмлекетлик уйым сыпатындағы статусын айқынластырыў да нәзерде тутылмақта.

«Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў принциплери ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған өзгериске муўапық, мәмлекетлик емес архивлер шөлкемлестириў және олардың жумысын сапластырыў тәртиби әпиўайыластырылмақта, лицензияны ямаса қайта рәсмийлестириў ушын зәрүр болған ҳәрекетлер исбилерменлик субъектиниң қәлеўине бола, қайта рәсмийлестириў тәртиби әпиўайыластырылмақта.

Бул нызам мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын тәртипке салатуғынын, олардың дизимин кеңейтиў ҳәм халық және исбилерменлик субъектлери ушын бюрократиялық тосқынлықларды сапластыратуғынын, мәмлекетлик хызметлерди көрсеткени ҳәм мүрәжатларды көрип шыққаны ушын өндирилетуғын төлемлердиң муғдарларын азайтыўға хызмет ететуғынын атап өтиў керек.

Нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының ҳуқықый статусын нызам дәрежесинде беккемлеўде, сондай-ақ, мәмлекетлик емес архивлердиң жумысын шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртип-қағыйдасын әпиўайыластырыўда айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың қырқ сегизинши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине республика аймағында Интернет ҳәм байланыстың қамтып алыўын кеңейтиў ушын шараятларды жақсылаўға қаратылған өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Бүгинги күнде дүнья жүзиндеги жасалма жер жолдасы байланысының жедел пәтлер менен раўажланыўы, бул тараўда жаңа технологиялардың енгизилиўи республика аймағында Интернет ҳәм заманагөй сапалы байланыстың қамтып алыўын кеңейтиў ушын шараятларды жақсылаўға байланыслы жаңа технологиялық имканиятларды жаратпақта.

Бирақ мәмлекетимизде халықаралық телекоммуникациялар тармақларының түрлеринен бири сыпатында жасалма жер жолдасы байланыс тармақларының раўажланыўы ушын жетерли шараятлардың жоқ екенлиги, бундай жумыс түри менен шуғылланыў ушын мәмлекетлик бажы муғдарының жоқары екенлиги усы байланыс қуралынан жергиликли тармақларда пайдаланыўға, сондай-ақ, таўлы ҳәм алыс аймақларда Интернет ҳәм байланыстың қамтып алыўын және де кеңейтиўге тосқынлық етпекте.

Бул нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы ҳәм «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамларға қоспа радиотелефон (радиотелефон, транкли) байланысқа тийисли лицензияланатуғын жумыстың киши түрлери республика аймағында қоспа жасалма жер жолдасы байланыс тармақларын жобаластырыў, қурыў, олардан пайдаланыў ҳәм олардың хызметлерин көрсетиў сыяқлы жумыс түри менен толықтырылыўын, сондай-ақ, республика атқарыўшы ҳәкимият уйымының аты айқынластырыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызам республика аймағының жоқары тезликтеги Интернет ҳәм сапалы байланыс пенен қамтып алыныўын тәмийинлеўге, жасалма жер жолдасы байланыс тармақларын раўажландырыўға ҳәм телекоммуникациялар тараўындағы имканиятларды және де кеңейтиўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Талқыланған нызам мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларға сәйкес болып, исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў бойынша бар шеклеўлерди алып таслаўға ҳәм исбилерменлик жумысын тәртипке салыўдағы айырым мәжбүрий талапларды қысқартыўға қаратылған.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине салық уйымларының көшпели салық тексериўлери ҳәм салық аудити нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарлары үстинен исбилерменлердиң тикеллей судқа шағым етиўге тийисли шеклеўлерди бийкар етиўди ҳәм судқа шағым етиў имканиятларын кеңейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, «Хожалық ширкетлери ҳаққында»ғы, «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы ҳәм «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамларға исбилерменлик субъектиниң устав фондын (устав капиталын) азайтыў ҳаққында қарар қабыл етилгенде кредиторларды жазба түрде хабардар етиў ҳәм ғалаба хабар қуралларында бул ҳаққында дағаза бериў талабы бийкар етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге ҳәм оларға артықша ҳәрежетлер ҳәм миннетлемелер жүкленетуғын айырым бюрократиялық тәртип-қағыйдалар бийкар етилиўине алып келетуғынын атап өтти.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» нызам көрип шығылды.

Кейинги жыллары республикамызда елатлы пунктлерди көклемзарластырыў, тереклер ҳәм путаларды қорғаў, сондай-ақ, жасыл зоналарды кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Пүткил мәмлекет көлеминде тереклерди көбейтиўге қаратылған «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарының әмелге асырылыўы, баҳалы сортлы тереклер ҳәм путалардың кесилисиўине мораторий енгизилиўи атап өтилген.

Бирақ айырым шахслардың өсимлик дүньясы объектлерине басқыншылық ис-ҳәрекетлери, сондай-ақ, тереклердиң нызамға қайшы түрде кесилиўи менен байланыслы жағдайлар улыўма экологиялық жағдайдың төменлеўине себеп болмақта.

Ҳәзирги ўақытта тереклер ҳәм путаларды кескени, шапқаны, зыян келтиргени ямаса жоқ еткени ушын бир неше ҳәкимшилик жуўапкершилик түрлериниң бар екенлиги бул бағдарда ҳуқықты қолланыўдың бирден-бир әмелиятын қәлиплестириўге тосқынлық етпекте ҳәм түрли машқалаларға себеп болмақта.

Усы мүнәсибет пенен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте тереклер ҳәм путалардың баҳалы сортларын кесиўге, шабыўға, зыян келтириўге ямаса жоқ етиўге алып келетуғын жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шыққанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, тереклерди нызамға қайшы түрде кескенлиги, шапқаны ямаса зыян жеткергени ушын ҳәкимшилик жаза илажлары күшейтилип, бир-бирин тәкирарлайтуғын нормалар шығарып тасланбақта.

Буннан тысқары «Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамда мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын тереклер ҳәм путалардың баҳалы сортларын нызамға қайшы түрде кескен ямаса жоқ еткен шахслардың кесилген терек ҳәм пута орнына компенсациялық терек ҳәм пута нәллерин әйне терек ҳәм пута кесилген орынға егиў ҳәм оларды үш жыл даўамында тәрбиялаў миннетлемеси белгиленбекте.

Соның менен бирге, нызам менен тереклер ҳәм путалардың баҳалы сортларын нызамға қайшы түрде кескени ямаса жоқ еткени ушын юридикалық тәреплерге финанслық санкциялар қолланылыўы нәзерде тутылмақта.

Атап өтилгениндей, нызам тереклер ҳәм путаларды нызамға қайшы түрде кесиў, шабыў, зыянландырыў ямаса жоқ етиў менен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, бул бағдарда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жуўапкершилигин арттырыўға, сондай-ақ, усы тараўда ҳуқықты қолланыўдың бирден-бир әмелиятын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенат тәрепинен республикамыздың район ҳәм қалаларын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының нәтийжели орынланыўы үстинен парламент бақлаўы әмелге асырылып, тийисли методикалық жәрдем көрсетилмекте. Бул бойынша алып барылған үйрениў нәтийжелери болса Сенат мәжлислеринде турақлы түрде додаланады.

Сенаттың қырқ сегизинши жалпы мәжлисинде Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятлары аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған «жол карталары»ның орынланыўы додаланды.

Атап өтилгениндей, «жол карталары»ның орынланыўы шеңберинде усы ўәлаятлар аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти жедел пәтлерде раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылған.

Тийкарынан, усы жылдың январь-октябрь айларында санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми Ферғана ўәлаятында 5,2 процентке ҳәм Наманган ўәлаятында 7,4 процентке, хызмет көрсетиў Ферғана ўәлаятында 10,1 процентке ҳәм Наманган ўәлаятында 10,1 процентке, қурылыс жумыслары Ферғана ўәлаятында 11,2 процентке ҳәм Наманган ўәлаятында 5,8 процентке өскен.

Инвестиция бағдарламалары шеңберинде Наманган ўәлаятында 705,4 миллион долларлық 1072 ҳәм Ферғана ўәлаятында 518,1 миллион долларлық 1 016 жойбар иске түсирилген.

Наманган ўәлаятында 639,5 миллион долларлық ҳәм Ферғана ўәлаятында 827,8 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилген.

Социаллық ҳәм өндирислик ислеп шығарыў инфраструтураны раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Наманган ўәлаятында 83, Ферғана ўәлаятында болса 76 объектлер пайдаланыўға тапсырылған.

Наманган ўәлаятында «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 80,4 мың ҳәм Ферғана ўәлаятында 112 мыңнан зыят ҳаял-қызларға ҳәм Наманган ўәлаятында «Жаслар дәптери»не киргизилген 23,2 мың ҳәм Ферғана ўәлаятында 31,2 мың социаллық қорғаўға мүтәж жасларға әмелий жәрдем көрсетилген.

Мәжилисте халықты дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў мәселесине де сенаторлар тәрепинен айырықша итибар қаратылды.

Аймақлық бәнтлик бағдарламасының орынланыўы шеңберинде Наманган ўәлаятында 541,3 мың ҳәм Ферғана ўәлаятында 558,6 мың адамның бәнтлиги тәмийинлеген.

Жалпы мәжилисте аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған «жол карталары»ның орынланыўын тәмийинлеўде айырым кемшиликлер ҳәм өз шешимин күтип атырған машқалалар да бар екенлиги сенаторлар тәрепинен айтып өтилди.

Тийкарынан, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги де тийисли район ҳәм қала ҳәкимиятлары тәрепинен микрорайлар ҳәм микрожойбарлар шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер өз ўақтында шешилмеген себепли усы бағдарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режеси Ферғана ўәлаятының Бешариқ, Фурқат ҳәм Ферғана районларында орынланбаған.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылған кредит қәрежетлериниң өзлестирилиўи Наманган ўәлаятының Жаңа Наманган, Тўрақўрғон ҳәм Косонсой районларында оғада төмен.

Энергетика министрлигиниң жуўапкершилигинде Қува районында санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин қосымша 100 миллиард сумға арттырыў мақсетинде 110 кВт 1,5 километр электр тармағын қурыў ҳәм «Сойгузар» подстанциясын модернизациялаў арқалы 2 ири трансформатор орнатыў жумыслары мүддетинен кешикпекте.

Чартақ районында ашылған киши санаат зонасы аймағын зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеў илажлары көрилмегенлиги себепли айырым инвестициялық жойбарлар иске түсирилмеген.

Социаллық тараў объектлерин ысытыў системасы ушын көмир жанылғысы резервин жаратыў режеси Наманган ўәлаятының Учқўрғон, Поп ҳәм Чартақ районларында ҳәм Ферғана ўәлаятының Марғилон қаласында жуўмақланбай қалған.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен ўәлаятларда хызметлер тараўын раўажландырыў, төмен қуўатлықта ислейтуғын санаат кәрханалары менен ислесиў, инвестицияларды қамтып алыў, экспорт көлемин арттырыў, халықты турақ жай менен тәмийинлеў, альтернатив энергияны енгизиў, суў үнемлейтуғын тежеўши технологиялардың орнатылыўы бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылған кемшиликлер жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелерге көрсетип өтилип, бул бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.

Туризм потенциалы жоқары болған мәҳәллелерде жол ҳәм инфраструктураны жақсылаў, жергиликли бюджет дәраматларының турақлылығын тәмийинлеўде экономикалық комплекс басшыларының жуўапкершилигин арттырыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде субсидиялаў механизминен кеңнен пайдаланыў усылардың қатарына киреди.

Көрип шығылған мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарарлары қабыл етилди.

Сондай-ақ, Сенаттың қырқ сегизинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрилиги тәрепинен климат өзгериўиниң алдын алыўда атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳәм аймақларды көклемзарластырыў бойынша алып барылып атырған жумысы бойынша мәлимлемеси тыңланды.

Парламент тыңлаўында атап өтилгениндей, мәмлекетимизде климат өзгериўине қарсы гүресиў, оның унамсыз ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде атмосфера ҳаўасын қорғаў, аймақларда жасыл майданларды кеңейтиў мәселелери экономика тармақларын раўажландырыў стратегиялары, сондай-ақ, Турақлы раўажланыўдың миллий мақсетлери ҳәм ўазыйпаларына киргизилген.

Париж келисими шеңберинде 2030-жылға барып жалпы ишки өним бирлигине туўра келетуғын ыссыхана газлери тасландыларын 35 процентке азайтыў илажлары көрилмекте.

Атап өтилгениндей, климат өзгериўиниң алдын алыўға қаратылған бағдарламалар шеңберинде атмосфера ҳаўасына тәсир қәўпи жоқары болған 44 санаат кәрханасының патасланыў дәреклеринен үлги алыў ҳәм таллаў бойынша 69 автомат станциясы және оларға тутас аймақларда 27 көшпес бақлаў пунктлери орнатылған.

Усы жылы 147 өндирис ҳәм санаат кәрханаларындағы 716 шаң-газлерди иркип қалыў үскенелерин оңлаў ҳәм жаңалаў нәтийжесинде атмосфера ҳаўасына 10 мың тоннадан аслам зыянлы тасландылар шығарылыўының алды алынған.

«Замин» халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте Ташкент қаласында атмосферадағы РМ10-РМ2,5 майда зыянларды өлшейтуғын 2 станция орнатылған.

Жумыс алып барып атырған 14 санаат кәрханасында нәтийжелилиги 95 проценттен аз болмаған ҳәм 12 жаңадан шөлкемлестирилген кәрханада болса 99,5 проценттен аз болмаған 32 шаң-газ тазалаў үскенелери орнатылған.

«Таза ҳаўа» илажлары шеңберинде 2 914 автотранспорт қуралларының ҳәрекети ўақытша тоқтатылыўы нәтийжесинде атмосфера ҳаўасына 209,232 тонна патасланыўшы элементлер шығарылыўының алды алынған.

Сондай-ақ, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде усы жылы 217 миллион түп нәл егилген. Қоршаған орталыққа тәсири жоқары болған 189 санаат кәрханалары әтирапында 1 миллион 730 мың түп нәл егилип «жасыл белбеў»леер, сондай-ақ, 196 шығынды полигонлары әтирапында 135 мың түп тереклер егилип терекликлер жаратылған.

Аймақлар климатына сәйкес, аз суў талап ететуғын 650 гектар майданда нәлханалар шөлкемлестирилген. Нәллерди суў менен тәмийинлеў мақсетинде 893 қудық қазылып, 1 058,7 километр узынлықта суўғарыў системалары орнатылған.

Атап өтилгениндей, әмелге асырылған жумыслар менен тараўда айырым машқала ҳәм кемшиликлер сақланып қалмақта.

Соның ишинде, атмосфераға тасланып атырған патасландырыўшы элементлердиң муғдарын азайтыў жумыслары жетерли дәрежеде алып барылмағаны нәтийжесинде тасландылар муғдары ҳәзирги ўақытта дерлик 2,2 миллион тоннаға жеткен.

Кәрханаларда 6 мыңнан аслам шаң-газден тазалаўшы үскенелерден 60 процентиниң орташа тазалаў нәтийжелилиги 86,5 процентти қурамақта.

Бәҳәрги мәўсимде егилген 1,8 миллион нәлди тәрбиялаўға жуўапкерлер бириктирилмеген. Суўғарыў системалары болмаған аймақларға 7,3 миллион түп нәл отырғызылғаны, тереклерди кеселлик ҳәм зыянкеслерден қорғаў жумыслары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени сынға алынды.

Додалаўлар жуўмағында республикамыздың барлық аймақларында атмосфера ҳаўасының патасланыў дәрежесин рухсат етилген нормаларға шекем түсириў, халықаралық келисимлер ҳәм миннетлемелер шеңберинде 2030-жылға барып жалпы ишки өним бирлигине салыстырғанда ыссыхана газлери тасландыларын 35 процентке азайтыў ҳәм атмосфераға метан гази таслаўды 30 процентке қысқартыў илажларын көриў, қалалар ҳәм санааты раўажланған қалаларда майда дисперсили РМ10 – РМ2,5 зыянлы автоматластырылған өлшеўши әсбап-үскенелер орнатыў зәрүр екени атап өтилди. Қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы ҳәм санаат кәрханаларының шаң-газ тазалаў үскенелери нәтийжелилигин 99,5 процентке жеткериў илажларын көриў керек екени атап өтилди.

Сондай-ақ, тереклердиң электро картасын жаратыў, жасыл аймақларды кеңейтиў бойынша жумысларды жеделлестириў, мораторий талапларын бузған қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасындағы санын азайтыў бойынша тийисли жумысларды шөлкемлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Транспорт қуралларын экологиялық таза энергия дәреклерине өткериў, экологиялық таза транспорт қуралларын көбейтиў, «Таза ҳаўа» илажларының нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратыў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

Додалаў жуўмағында бул мәселелерди қамтып алған Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының қырқ сегизинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқары суды қурамына өзгерислер киргизиў мәселеси де көрип шығылды ҳәм Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди. Онда тийкарынан Элза Шамсутдинова он жыллық мүддетке, Анвар Элмурадов мүддетсиз дәўирге, Баҳодир Эргашев он жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымына сайланды.

Соның менен бирге, Бобир Исламов, Атабек Мамажанов, Шерзод Мирзахакимов, Дониёржон Тожибоев, Фируз Турсунов, Фахриддин Халилов, Шерзод Шеркулов ҳәм Хуршид Эшмуратов Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан босатылды.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де додаланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 14 мәселе, соның ишинде, 10 нызам көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ сегизинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети