Ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көплеген тараў басшылары, депутатлар ҳәм басқа да қолы ашық исбилерменлер тәрепинен қыстың бүгингидей аязлы күнлеринде жәрдемге мүтәж хожалықлардың жағдайынан хабар алынып, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде қайырқомлық жәрдемлер көрсетилмекте.

Нөкис районындағы Саманбай аўыл пуқаралар жыйынында да усы илаж шеңберинде қайырқомлық жумыслары әмелге асырылды.

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутаты С.Уматов «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги талапларды басшылыққа алып, райондағы Саманбай АПЖ ның «Тарлы» бөлиминде жасаўшы, жәрдемге мүтәж Б.Дүйсенованың шаңарағынан хабар алды.

Шаңарақ ийелери менен сәўбетлесиў өткерилип, оның ҳал-жағдайы соралып, ун, мәйек ҳәм басқа да хожалық ушын ең зәрүр азық-аўқат өнимлери жәрдем ретинде тапсырылды.

«Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги қайырқомлық илажлары елимиз бойлап даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.