Ҳәр қандай жәмийеттиң келешектеги раўажланыўы оның өсип киятырған жас әўладқа болған итибары, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўына байланыслы.

Соңғы ўақытлары елимизде жаслар менен бирге ислесиў бойынша жаңа система жаратылғаны, олардың жәмийетлик белсендилиги, жаңа Өзбекстанды қурыўда белсене қатнасып атырғанлығы ҳәммемизди қуўандырады.

Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың арзыў-нийетлери, қәбилетлерин жүзеге шығарыў мәмлекетимизде жүргизилип атырған сиясаттың ең әҳмийетли бағдары болып табылады.

Қараөзек районындағы Мәденият сарайында «Ҳәким ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда Қараөзек районы ҳәкими У. Утамбетов мәмлекетимиз тәрепинен жасларымызға қаратылып атырған итибар, олардың ҳәр тәреплеме билимли, зийрек ҳәм бахытлы болып өсип жетилисиўи ушын жаратылған шараятлар ҳаққында айтып берди ҳәм усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклиги атап өтилди.

Ушырасыўда аймақ жаслары район ҳәкимине өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.

Илаж соңында «Жаслар дәптери»не киргизилген аймақ жасларыныӊ машқалаларын шешиў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм контракт төлемлерин төлеп бериў ушын 10 жасқа район ҳәкими тәрепинен арнаўлы ваучерлер, сондай-ақ, бир қатар белсенди жасларға район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.