Нөкис районында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Онда район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде  жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған кең көлемли илажға кең түрде тоқтап,  бундай имканиятлардан район жаслары нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Ушырасыў даўамында район жасларының машқалалары тыңланып, онда аймақтағы 54 жастың оқыўы ушын шәртнама пуллары, 4 жастың қысқа оқыў курсларында оқыўы ушын төлемлери, 25 жастың исбилерменлик жумысын баслаўы, өзин-өзи бәнт етиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын алыўына субсидия қаржылары ажыратылды.

Сондай-ақ, булардан тысқары, 3 жастың денсаўлығын тиклеўи ушын материаллық жәрдем пулы, 4 жасқа автомобил басқарыў гүўалықларын алыў ушын оқыў курсына қаржы ажыратылыўына жәрдем берилди.

Ушырасыўда бундай унамлы ислер районда еле де даўам ететуғынлығы атап өтилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.