Рамазан айы мийрим-шәпәәт, ғамқорлық айы болып, халқымыз бир-бирине жәрдем берип, бул айда кем тәмийинленгенлерге қайыр-сақаўат көрсетиледи. Бул айдағы ораза ибадаты адамлардың өз-ара аўызбиршилигине себепши болыўы менен бирге ҳәр бир адамның тәрбиясына да унамлы тәсирин тийгизеди.

– Өзбекстан мусылманлары қазыятының 2018-жыл 10-май күнги буйрығына тийкарланып, Рамазан айына таярлық көриў ҳәм оны шөлкемлескенлик жағдайында мүнәсип түрде өткериў ушын барлық мешитлердеги имам-хатиб, имам-найып ҳәм мутаваллилер тәрепинен тийисли жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамшетдин Баўетдинов. – Атап айтқанда, барлық мешитлерде, тахаратханаларда қолайлы шараятларды жаратыў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, жақтыландырыў ҳәм ҳаўаз күшейтиў үскенелерин сазлаў жумыслары әмелге асырылды. Усы жылы республикамыздағы барлық 50 мешитте тараба намазлары оқылады, 35 мешитте хатым Қуран өткериледи. Усы мешитлерде 40 қарыйдың, соннан Наманган ўәлаятынан 5 қарыйдың қатнасыўы белгиленген.

Айдың дәслепки ярымында 13 мешитте 18 қарыйдың қатнасыўында, 12 мешитте 16 қарыйдың қатнасыўында, усы жылдан баслап 10 мешитте 30 күн даўамында 23 қарыйдың қатнасыўында хатым Қуран өткерилиўи режелестирилген.

Рамазан айы мүнәсибети менен қазыят тәрепинен комиссия дүзилип, мешиттиң рамазанға таярлық жумыслары тексерилди. Барлық мешитлерде абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Имам-хатиблер орынларда халық пенен ушырасыўлар өткерип, олардың машқалаларын қалалық, районлық мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери менен бирликте жақыннан үйренип, унамлы шешиўге ҳәрекет етпекте.

Сондай-ақ, Рамазан айында барлық мешитлер тәрепинен жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға, жетим-жесирлерге ишки имканиятлардан келип шыққан ҳалда қайыр-сақаўат жәрдемлерин көрсетиў  илажлары шөлкемлестириледи.

Ҳәзирги ўақытта медресе оқытыўшылары мешитлерде тараба намазына қатнасып атырған адамларға Рамазан айының пазыйлетлери туўралы түсиник жумысларын алып бармақта.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.