Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Европа мәмлекетлери ҳәм ЕА институтлары менен бирге ислесиў басқармасы делегациясы Стокгольм қаласында Швеция парламенти – Риксдаг депутатлары менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, демократия, инсан ҳуқықы ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў тараўында ерисилген жетискенликлер, мәмлекетимиздиң жаңаланған Конституциясы ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Республикамыздың сыртқы сиясат жумысы, халықаралық басламалары, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша Өзбекстанның позициясы атап өтилди.

Өзбекстан Олий Мажлиси ҳәм Швеция Риксдагы арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша пикир алысылды. Еки мәмлекет парламентлери арасында өз-ара сапар етиў әмелиятын даўам еттириў әҳмийетли екенлиги мақулланды.

Сөйлесиў жуўмағында парламентлераралық қатнасықты және де кеңейтиў мақсетинде турақлы байланысты даўам еттириўге келисип алынды.

ӨзА