Социаллық тармақларда мәмлекетимизге де Гонконг гриппи кирип келгени айтылмақта. Бул қаншелли дурыс!

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Отабековтың айтыўынша, ҳәзир өткир респиратор кеселликлер тарқалатуғын мәўсимлик дәўир болып есапланады. Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети тәрепинен аймағымызда айланып жүрген вируслар мониторинг етип барылады. Мониторинг нәтийжесинде тийкарынан грипптиң А түри H3N2 штаммы ҳәм грипптиң басқа түрлери айланып жүргени ҳаққында мағлыўмат бар.

– H2N2 1960-жылы Гонконгта тарқалған вирус. Яғный сол жыллары H2N2 вирусынан мутация болып қәлиплескен вирус сыпатында тарқалған ҳәм бир неше Шығыс мәмлекетлеринде машқалалы жағдайларды келтирип шығарған. Ҳәзир бул әпиўайы мәўсимлик грипп вирусы болып есапланады. Ислеп шығарылған вакциналардың барлығы усы вирусқа қарсы ислейди.

Өзбекстан Республикасында ҳәзирге шекем қолланылған 2 миллион 200 мың доза вакцина тиккелей мине усы штаммға қарсы қолланылатуғын вакцина болып есапланады. Буннан тысқары және үш түрдеги вакцина Өзбекстан аймағында жеке меншик шаншыў пунктлеринде бар. Олар да тиккелей быйыл мәўсимлик тарқалыўы күтилип атырған грипптиң усы штаммына қарсы қолланылатуғын етип таярланған.

Солай екен, айрықша қәўетерлениўге ямаса өзимизден өзимиз қандайда бир Гонконг вирусы қайтпақта, деген қорқынышты пайда етип алыўымызға ҳеш қандай тийкарды көрип атырғаным жоқ. Бул әпиўайы мәўсимлик вирус екенлигин және бир мәрте айтып өтемен,-дейди Нормат Отабеков.

Демек, елимизге Гонконг гриппи кирип келгени рас. Бирақ бул жуўапкер атап өткениндей, қорқынышлы жағдай емес.

Моҳигул Қосимова, ӨзА