Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик басқарыўдың жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыллады.

Оған бола, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына төмендегише өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи:

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң структуралық дүзилисиндеги республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының аўыл хожалығы жерлерин қорғаўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, аўыл хожалығы егинлерин егиў, туқымлық ҳәм нәл материалларын жетистириў, аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылысы техникаларын мәжбүрий ҳәм күнделикли сынаўдан өткериў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша қадағалаў ҳәм мониторинг функцияларын белгилеў;

топырақтың өнимдар қатламларының рухсатсыз алып тасланыўы, көширилиўи ҳәм жоқ етилиўин қадаған етиў, жерлердиң аўыл хожалығы пайдаланыўынан шығып кетиўине жол қоймаў, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў;

аўыл хожалығы егинлери сортларының туқымлық ҳәм нәл материалларының жетистирилиўи , туқымлық ҳәм нәл материалларының техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапық үнемлеп пайдаланылыўын шөлкемлестириў;

импорт етилип атырған аўыл хожалығы егинлериниң туқымлық ҳәм нәл материалларында гени модификацияланған организмлердиң (ГМО) ҳәм қәўипли жасырын вируслы кеселликлердиң бар екенлигин анықлаў.

 ӨзА