2023-жыл 6-8-декабрь күнлери Кения пайтахты Найбори қаласында Халықаралық тутыныўшылар шөлкеми (Consumers International)ниң жыллық Глобал конгересси болып өтти.

Конгрессте дүньяның жүзден аслам мәмлекетлериниң ўәкиллери, соның ишинде, Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы баслығы Жаҳонгир Саримсоқов басшылығындағы республикамыз делегациясы да қатнасты.

Быйылғы Глобал конгресс жумысы алдынғыларынан темалардың оғада акуталлығы ҳәм әҳмийетлиги менен ажыралып турды. Атап айтқанда, дүнья халқының хызмет ҳәм товарларға байланыслы өзгерип атырған талапларына бейимлесиў, кең халық қатламларының тутыныў мәдениятын арттырыў, бул бойынша мәмлекетлик емес шөлкемлердиң әҳмийетли орны ҳаққында сөз болды.

Соның менен бирге, сиясий ҳәм экономикалық процесслер себепли барған сайын қурамаласып атырған товар қатнасықлары, бақланып атырған кескин климат өзгерисиниң тутыныўшыларға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша пикирлер ортаға тасланды.

Конгресс қатнасыўшылары бүгинги күнде дүньяның барлық мәмлекетлериниң халықлары ушын терең әҳмийетке ийе болған машқалаларға да айырықша итибар қаратты. Усы мәнисте турмысымызға жедел кирип киятырған жасалма ақыл ҳәм оның тутыныўшыларға тәсири ҳаққында пикирлер тыңланды.

Конгресс шеңберинде тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бойынша бир қатар мәмлекетлердиң ўәкиллери менен еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер өткерилди.

Илажда қатнасқан Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының баслығы Жаҳонгир Саримсоқов басшылығындағы республикамыз делегациясы сырт елли бирге ислесиўшилер менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди.

Атап айтқанда, Халықаралық тутыныўшылар шөлкеминиң администрациясы, сондай-ақ, бир қатар сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери, атап айтқанда, АҚШ, Чили, Уганда, Пакистан, Марокаш, Ҳиндстан, Тайландтан келген тараў экспертлери менен Өзбекстан арасындағы тығыз бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Жаҳонгир Саримсоқов Халықаралық тутыныўшылар шөлкеминиң Бас директоры Хелен Лоран ханым менен ушырасты. Лоран ханым мәмлекетимизде бүгинги күнде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, атап айтқанда, тутыныўшылық социаллық ҳәрекетин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәрекетлерге жоқары баҳа берди.

Сондай-ақ, Хелен Лоран ханым Европа ҳәм Азия тутыныўшыларының II халықаралық форумын Өзбекстанның Бухара ҳәм Самарқанд қалаларында өткериў ҳәм Ташкент қаласында Халықаралық тутыныўшылар шөлкеми (Consumers International)ниң штаб-квартирасын ашыў усынысларын алға қойды.

Ушырасыў шеңберинде тәреплер тутыныўшылық социаллық ҳәрекетин және де раўажландырыў бойынша басқа мәселелерди де ҳәр тәреплеме додалады.

Еслетип өтемиз, Халықаралық тутыныўшылар шөлкеми (Consumers International)не Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы 2018-жылдан толық ағза есапланады.

ӨзА