Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Тақыятас районы бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен пуқара усланды

Атап айтқанда, пуқара А.Т. пуқара Д.Е.ниӊ исенимине кирип, өзиниӊ жоқары лаўазымларда ислеўши танысларыныӊ жәрдеминде Қарақалпақ мәмлекетлик университетине жумысқа киргизип бериўди ўәде етеди. Соныӊ есабынан оннан алдаўшылық жолы менен  20 миллион сум алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.