Ҳәзиргидей қыстың қарлы-боранлы күнлеринде аязлап қалмаў, грипп өткир респиратор инфекцияларынан сақланыў, оны жуқтырып алмаў бәрқулла ҳәр бир адам ушын үлкен әҳмийетке ийе болып келген.

Ҳәзирги ўақытта республикамызда усындай жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

Мағлыўматларға қарағанда, грипп ҳәм өткир вируслы респиратор инфекциялары бойынша 2023-жылдың 11 айындағы эпидемиологиялық жағдайдың өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда турақлылығы сақланған.

Республикамыз көлеминдеги орташа кеселлениў көрсеткишине салыстырғанда Тахтакөпир, Бозатаў, Шоманай, Тақыятас, Мойнақ ҳәм Хожели районларында жоқары көрсеткишлер бақланған.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-майдағы «Өзбекстан Республикасында грипп ҳәм өткир респиратор инфекцияларының тарқалыўына қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли буйрықларында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде өткерилетуғын илажлар нәтийжели алып барылмақта,-дейди Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының эпидемиолог-врачы Фатима Аметова.

Атап айтқанда, мәўсим алдынан тийисли қәнигелерди тартқан ҳалда республикамыз аймағында барлық емлеў-профилактикалық мәкемелериниң шыпакерлери, орта медицина хызметкерлери ушын грипп ҳәм өткир респиратор инфекциялары профилактикасы, клиникасы, диагностикасы, емлеў, эпидемияға қарсы гүресиў илажлары бойынша семинарлар өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында мәўсим алдынан шаншыў илажларын әмелге асырыў мақсетинде жәми 143 шаншыў пунктлери шөлкемлестирилип, бул илажларға 246 шыпакер, 399 орта медицина хызметкери ҳәм 258 дублёр және дизимге алыўшы хызметкерлер тартылды. Сондай-ақ, орынларда шаншыў жумысларын алып барыў мақсетинде 143 мобиль бригадалар шөлкемлестирилип, шаншыўдан кейинги симптомларын емлеў ушын 409 орын шөлкемлестирилди.

Республикамызда быйылғы жылда грипп кеселлигине қарсы мәўсим алдынан шаншыў жумыслары алып барылыўы режелестирилген пуқаралар ушын жәми 134715 доза, сондай-ақ, социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға 2960 доза гриппке қарсы «Grippol plus» вакцинасы тарқатылды.

Республикамызда шаншыў жумыслары 21-сентябрь күни басланды. Аймақларда 25-октябрьге шекем барлық контингентлерде гриппке қарсы шаншыў жумыслары толық жуўмақланды. Шаншыў илажлары тийкарынан улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияшылары, медицина хызметкерлери, социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралар арасында алып барылды.

Шаншыў илажлары даўамында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларының ата-аналары тәрепинен перзентлериниң кеселликке қарсы шаншыўдан бас тартыўы себепли 2015 доза ҳәм жәрдемге мүтәж пуқаралар ушын ажыратылған 607 доза вакцина аўысып қалды.

Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң тийисли көрсетпе хатларына муўапық, усы аўысып қалған вакциналар мақсетли пайдаланылып, ишки ислер тараўынан 300, темир жол тараўынан 118, Миллий гвардиядан 1410, бажыхана тараўынан 94, қорғаныў тараўынан 700 хызметкер гриппке қарсы шаншылды.

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының тийисли буйрықларына муўапық өткир респиратор ҳәм өткир пневмония кеселликлери бойынша әмелге асырылатуғын эпидемияға қарсы илажларды қадағалаў ҳәм муўапықластырыў штабы шөлкемлестирилди.

Басқарма ҳәм оның бөлимлериниң грипп ҳәм өткир респиратор инфекцияларына қарсы әмелге асыратуғын профилактикалық жумыслары ҳәм эпидемияға қарсы илажлары қадағалаўға алынып, орынларда қәнигелерге әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.

Усы жерде пуқараларымыздан ҳәзирги аязлы күнлерде адамлар көп топланатуғын орынларда бир мәртелик ямаса 4 қабатлы марлядан тигилген нықапта жүриўин, жасаў бөлмелерин тез-тез самаллатып турыўын, грипп кеселлигине қарсы шаншыў өткериўин, грипп кеселлигине қарсы қабыл етилетуғын дәри-дәрмақларды тек шыпакерлердиң усынысы менен қабыл етиўин, мәўсимге сай кийинип жүриўин усыныс етип қаламыз.

Күнделикли турмысымызда жоқарыда көрсетилген усынысларға әмел етилсе, ҳәр биримиз грипп кеселлигиниң алдын алыўда өзлеримиздиң үлесимизди қосқан боламыз, өзимизди ҳәм әтирапымыздағыларды да кеселликлерден сақлаған боламыз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.