Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, қалалық ҳәм районлық әдиллик бөлимлери жумысының нәтийжелигин және де арттырыўға қаратылған режеге тийкарланып, мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссияның «Жас өспирим шахслар ҳәм жаслар арасында ҳуқықбузарлық пенен жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис протоколы 20-бәнтиниң орынланыўы бойынша мәҳәллелерде, усы жылдың ноябрь-декабрь айларында «Жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында әдеп-икрамлылық күни»н шөлкемлестириў бойынша қабыл етилген реже тийкарында Қумаўыл, Ғәрезсизлик ҳәм Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйынларында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўға Нөкис қалалық Әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери, аймақ турғынлары, жаслар ҳәм жас өспиримлер қатнасты. Ушырасыўда орай қәнигелери тәрепинен бүгинги күни жаслар арасында ушырасып атырған жынаятлар, олардың аянышлы ақыбетлери ҳәм олардың алдын алыў, сондай-ақ, келешекке  дурыс мақсет қойыў ҳәм тағы да басқа темалар бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

“Жасларымыз өз алдына үлкен мақсетлер қойып, оларға ерисиўи ушын кең имканиятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдем бериў – барлығымыз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болыўы зәрүр. Сонда ғана перзентлеримиз халқымыздың әсирлик арзыў-нийетлерин жүзеге шығаратуғын уллы ҳәм қүдиретли күшке айланады”,-деген еди Президентимиз Ш.Мирзиёев.

Сондай-ақ, өткерилген илажларда ҳәзирги ўақытта халықтың, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм өз бизнесин қалай баслаў кереклиги, және де интернет тармақларынан дурыс ҳәм кеңнен пайдаланыўы ҳаққында да түсиниклер берилди.

Илаж даўамында жаслар ҳәм жас өспиримлер өзлериниң тараўына байланыслы берген сораўларына тийисли жуўап алды.

Мансур Туракбаев,

 Нөкис қаласи Әдиллик бөлими

Мәмлекетлик хизметлер орайы бас қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.