Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен “Конституция билимданы” таӊлаўы өткерилди.

Студент-жаслардыӊ ҳуқықый  санасы ҳәм мәдениятын буннан былай да жетилистириў, сиясий билимлерин беккемлеў, Бас нызамымыздыӊ мазмун-мәнисин тереӊ аӊлап жетиўи ушын қолайлы шараят жаратыў, еркин пикирлеў қәбилетин буннан былай да раўажландырыў ҳәм пуқаралық позициясын беккемлеп барыў мақсетинде  шөлкемлестирилген таӊлаў даўамында қатнасыўшылар еки шәрт бойынша билимлерин көрсетти.

Соңғы нәтийжелер бойынша  биринши орынды “Қалқан” командасы, екинши орынды “Адолат жаслары” командасы, үшинши орынды “Лидерлер” командасы ийеледи.

Жеӊимпаз ҳәм белсене қатнасқан командалар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.