Конституция байрамы алдынан Төрткүл районындағы 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ қосымша имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.

1993-жылы 140 орынға мөлшерленип қурылған 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине мәмлекетлик Инвестиция бағдарламасы тийкарында 3 миллиард 836 миллион сум қаржы ажыратылып, қосымша 90 орынға мөлшерленген жаӊа имарат қурып питкерилди. Заманагөй имарат “Моҳира-Бахт” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жәмәәти тәрепинен қысқа мүддетте қурып питкерилди. Нәтийжеде балалар барлық имканиятларға ийе, кеӊ ҳәм жақтылы бөлмелерде тәлим-тәрбия алыў мүмкиншилигине ийе болды. Конституция қабыл етилген күн оларға қос қуўаныш алып келди.

Соӊғы жыллары мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын раўажландырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, жаслардыӊ жәҳән талаплары дәрежесиндеги шараятларда заманагөй билим ҳәм кәсип өнер  ийелеўи, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўин тәмийинлеў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта. Райондағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 464 орынлық имаратыныӊ ири оӊланыўы ҳәм 540 орынлық жаӊа имаратыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўы буныӊ айқын мысалы болып табылады. Бул жумысларға 6 миллиард 696 миллион сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары “Қырққыз арнаўлы қурылыс” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ қурылысшылары тәрепинен алып барылды.

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм улыўма билим бериў мектебиниӊ қосымша имаратларыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўына бағышланған илажларда шығып сөйлегенлер, мәмлекетимизде Президентимиздиӊ басшылығында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин раўажландырыў, олардыӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Илаж қатнасыўшылары жаӊа имаратларда жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.