Бирлескен Араб Әмирликлери (БАӘ)ниң Дубай қаласында БМШтың климат өзгериўи бойынша конференциясы (СОР-28) шеңбериндеги парламент мәжилиси болып өтти.

Онда 30 ға шамалас парламент спикерлери ҳәм 500 ўәкил, сондай-ақ, 100 пүткил дүнья жүзиндеги парламентлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң экспертлери қатнасты.

Парламентлераралық Аўқам ҳәм БАӘ Федераллық Миллий Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илажда қоршаған орталық ҳәм климаттың әҳмийетли машқалаларын шешиў, соның ишинде, углерод нейтраллығы, турақлы энергияға өтиў ҳәм бейимлесиў мәселелериндеги ҳәрекетлерди әмелге асырыўда парламентлер арасында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Абырайлы конференцияда шығып сөйлеген Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Норбоева климат өзгериўи Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери ушын унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарыўы мүмкин екенин атап өтти.

Буған Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде 5,5 миллион гектардан аслам майданда «Аралқум» шөли пайда болғаны, бул регионда да бир қатар экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық машқалаларды келтирип шығарып атырғаны мысал бола алады. БМШ Бас Ассамблеясы Арал апатшылығын ҳәзирги заманның глобаллық экологиялық машқаласы сыпатында тән алғанына қатнасыўшылар итибарын қаратты.

Сенаттың баслығы экологиялық машқалалардың әҳмийетлилиги аўызбиршилик ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиўди талап етип атырғанын атап өтип, бир қатар усынысларды алға қойды.

Илаж жуўмағында климатқа байланыслы нызамшылықты ислеп шығыў, климат бойынша миннетлемелерди әмелге асырыўда ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди тәмийинлеў бойынша даўамлы, перспективалы ҳәм дәлийллерге тийкарланған мониторинг ҳәм есабат бериў механизмлерин жаратыў, «жасыл» экономиканы алға қойыў, климаттың өзгериўине қарсы гүресиўди қаржыландырыў бойынша халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерин қамтып алған парламентлердиң жуўмақлаўшы ҳүжжети қабыл етилди.

*          *         *

Илаж шеңберинде Сенаттың баслығы Танзила Норбоева Парламентлераралық аўқам (ПАА)ның бас хаткери Мартин Чунгонг пенен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери додаланды.

М.Чунгонг Өзбекстанның халықаралық майданда алға қойып атырған басламалары тек ғана регион емес, ал дүнья жүзи жәмийетшилиги ушын да әҳмийетли екенин атап өтти.

Парламентлер Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ)н әмелге асырыў процесиниң қатнасыўшылары есапланатуғынын, усы жылдың 30-ноябрь күни Ташкентте өткен ТРМ мақсетлерин әмелге асырыўда парламентлераралық бирге ислесиў бойынша II Глобаллық форум бул бағдарда барлық мәмлекетлер ушын бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўда әҳмийетли платформа болатуғынын айрықша атап өтти.

Сөйлесиў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўдеги биргеликтеги жойбарларды даўам еттириўге келисип алды.

*           *           *

Сапар шеңберинде Европа Аўқамы парламентлери делегацияларының ағзалары менен де ушырасыўлар өткерилди.

Австрия парламентиниң ўәкиллери қайта тикленетуғын энергия дәреклери, атап айтқанда, самал энергиясынан пайдаланыў бағдарында Өзбекстан менен бирге ислесиўден мәпдар екенин билдирди.

Исландия делегациясының баслығы менен ушырасыўда парламентлераралық қатнасықларды жолға қойыў бағдарында пикир алысылды. Исландия тәрепи Орайлық Азия мәмлекетлери, атап айтқанда, Өзбекстан менен байланысларды беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти.

Польша Сенатының ағзасы менен болып өткен сөйлесиўде экологиялық машқалалардың ақыбетлерин сапластырыў бағдарында бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине итибар қаратылды. Польша тәрепи Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде ЕАның социаллық қоры менен биргеликте биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў усынысын билдирди. Сондай-ақ, шөлленип атырған аймақларда тоғай массивлерин қурыўда өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Румыния парламентиниң ўәкили менен болып өткен ушырасыўда еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланысларды күшейтиў мәселеси тийкарғы болды. Сондай-ақ, еки тәреплеме қатнасықларда билимлендириў, аўыл хожалығы, илимий изертлеў бағдарларында өз-ара тәжирийбе алмасыў сыяқлы тәреплерге итибар қаратыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Словения делегациясының баслығы менен болып өткен сәўбет даўамында еки мәмлекет парламентлериниң ағзалары арасында тығыз байланысларды жолға қойыў арқалы парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА