Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31 жыллығына бағышланып, студентлер арасында «Сиз нызамды билесизбе?» атамасындағы таңлаў болып өтти.

Таңлаўдың ашылыў мәресиминде институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Қ. Қодиров шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм улыўмахалықлық референдум тийкарында Бас нызамымызға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар елимиздиң абадан турмыста күн кешириўи ушын хызмет ететуғынлығын мақтаныш пенен атап өтти.

Таңлаўға улыўма 7 команда қатнасып, олар сәлемнама, жаңаланған Конституция бойынша ҳуқықый сораў-жуўап ҳәм Бас нызамымыздың әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға арналған сахналық көринис шәртлери бойынша өз-ара беллести.

Қызықлы өткен таңлаў соңында, төрешилер тәрепинен жеңимпаз командалар анықланып, олар институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж «Тумарис» халық ансамбли тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.