Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 8-декабрь-Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31 жыллығына бағышланып студентлер арасында олимпиада жарысы болып өтти.

Онда студентлер Өзбекстан Республикасы Конституциясы, ондағы тийкарғы принциплер ҳәм қағыйдалар бойынша өз билимлерин сынақтан өткерди.

Олимпиада еки басқышта өткерилип, қатнасыўшылар дәслепки басқышта Конституция бойынша дөретиўшилик шығарма жумысларын жазды.

Ал, екинши басқышта болса, белгиленген сораўлар бойынша тест тапсырды.

Қызғын өткен жарыс жуўмағында, Муҳамметдин Нуратдинов биринши, Ерназар Рейипназаров екинши, Нилуфар Айтбаева үшинши орынларды ийелеўге миясар болды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.