Ҳәр қандай мәмлекет өзиниң ҳуқықый тийкарға ийе болыўы, халқының турмыс дәрежесин жақсылаў, қоңсы еллер менен дослық қатнаста болып, бийбаҳа байлығымыз болған тынышлықты орнатыў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға сүйениў, демократия, еркинлик, теңлик, социаллық әдиллик идеяларына садық болыў, раўажланған мәмлекетлер қатарынан мүнәсип орын ийелеўи ушын ең дәслеп пуқта үйренип шығылған  бас нызамы болған Конституциясына ийе болыўы керек.

Мәмлекетимиздиң сиясий турмысы, ғәрезсизлик жылнамасында 8-декабрь сәнеси Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген күн ҳәр жылы халқымыздың өмириндеги ең бир умытылмас күн сыпатында өз орны ҳәм әҳмийетине ийе миллий байрамлар қатарында белгиленип келинбекте.

Мәмлекетимиз өз ғәрезсизлигине ерисип, өзлигимиз кайта тикленди, халқымыздың көп әсирлик әрманлары әмелге асып, өз ўатанының жарқын келешеги ушын еркин мийнет етиў, өз қәдир-қымбатын аңлаў сезимлери кәлиплести.

Конституция қабыл етилгеннен кейинги жыллар даўамында ерисилген жетискенликлер, атап айтқанда, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң тәмийинлениўи, мәмлекетлик басқарыўдың ең нәтийжели механизмлериниң енгизилиўи, пуқаралық жәмийети тийкарларының пайда болыўы ҳәм раўажланыўы, еркин базар қатнасықларына өтиў сыяқлы жетискенликлер тиккелей Бас нызамымыз ҳәм оның тийкарында қабыл етилген нызамлардың избе-излик пенен әмелге асырылыўы нәтийжесинде қолға киргизилди.

Сондай-ақ, Конституциямыз тийкарында ғәрезсизлик жылларында елимизде жүргизилип атырған дурыс сиясат, халқымыздың беккем аўызбиршилиги менен жәмлескенлик мийнетиниң нәтийжесинде, шын мәнисиндеги дүньяның беккем раўажланыў жолынан баратырған мәмлекетлери қатарынан орын алды.

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде түрли тараўларда әмелге асырылған реформалар нәтийжеси, бүгин халқымыз турмысында, дастурханлардың молшылығы, елимиздеги беккем аўызбиршилик, экономикалық өсим пәтлериниң жоқарылап барыўы сыяқлы көплеген мысалларда өз сәўлелениўин таппақта.

Әлбетте, биз өткен дәўир ишинде қандай үлкен табысларға ерискен болсақ, бәринен бурын инсан хуқықлары менен еркинликлерин толық тәмийинлеўге қаратылған муқаддес ҳүжжет – Конституциямыз турғанлығын мақтаныш етемиз.

Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар 2023-жыл 30-апрель сәнесинде улыўма халықлық Референдум болып ѳтти. Арзыў нийетлеримиз, қәлеўлеримиз инабатқа алынған ҳалда таярланған жаӊа редакциядағы Конституциямызды пуқаралардыӊ  90,21 проценти жақлап даўыс берди.

Жаӊа редакциядағы Конституция 2023-жыл                         1-майдан күшке кирди. 6 бѳлим, 27 бап ҳәм 155 статьядан ибарат бас Нызамымыз ѳзинде халқымыздыӊ арзыў ҳәм нийетлерин ҳақыйқый мәниде сәўлелендирди деўге толық ҳақымыз бар.

Кейинги жылларда елимизде жүз берген үлкен ѳзгерис ҳәм жаӊаланыўлар, әсиресе, ертеӊги күнимиздиӊ ҳуқықый тийкары болған конституциялық реформалар ҳаққында гәп кеткенде партиямыз усы процесстиӊ басламашыларыныӊ бири сыпатында бул ѳзгерислерге жүдә үлкен жуўапкершилик пенен қатнасты.

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократикалық партиясы, барлық депутатлары, партия белсендилери тәрепинен Нызам жойбарына 10 мыңнан аслам пикир-усыныслар берилген болса, соның көпшилиги жаңа конституция статьяларынан орын алғаны бизлер ушын үлкен мақтаныш десек болады.

Атап айтатуғын болсақ, ҳәммемиз ушын уллы болған оқытыўшылардың  статусы ҳаққында, ата-аналардың перзентлери, перзентлердиң ата-аналар алдындағы миннетлери, мәмлекетттиң миннетлемелери ҳәм  ғамхорлығы, ҳәмме ушын муқаддес болған шаңарақ, ерли зайыплар арасында некеден өтиў,  атадан балаға өтип киятырған миллий қәдириятлар, үрип-әдетлерди қәстерлеп сақлаў ҳәм басқалар орын алған.

Атап ѳтиў керек, 65 процентке ѳзгерген Конституциядағы 160 қа шамалас норманыӊ тийкарынан, инсан мәплери ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылғанын жалпақ тилде айтқанда, шын мәнисинде Халық Конституциясы жаратылды десек дурыс болса керек. Усы жерде Президентимиздиӊ “Конституциямыз жойбарын додалаўдан баслап оны қабыл еткенше болған дәўирде ѳткерилген улыўма халықлық додалаўларда миллионлаған пуқаралаларымыз белсене қатнасты.

Усы кѳз қарастан қарағанда, жаӊаланған Конституциямиздыӊ ҳақыйқый авторы халқымыз болды, деп айтыўға толық тийкарымыз бар.

Еӊ әҳмийетлиси, енди реформаларымыз жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз, “инсан – жәмийет – мәмлекет”, деген жаӊа система тийкарында тек ҳәм тек ғана алдыға қарап барамыз” – деген сѳзлерин атап ѳтиў орынлы.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиздиӊ ертеӊги күни, келешеги, раўажланыўы ҳәм халқымыздыӊ абадан турмыс кешириўи жаӊадан қабыл етилген Ѳзбекстан Республикасыныӊ Конституциясына тиккелей байланыслы. Бул процессте ертеӊги келешегимиз болған жаслардыӊ орны айрықша әҳмийетке ийе.

Жас әўладты ўатан сүйиўшилик руўҳында тәрбиялаўға үлес қосыў мақсетинде мәмлекет ҳәм жәмийет жасларда миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садықлық, ѳз мәмлекети ҳәм халқыныӊ бай мәдений-руўхый мийрасын мақтаныш етиў, Ўатанға меҳир-муҳаббат сезимлерин қәлиплестириў ҳаққында ғамхорлық етиўи, мәмлекет жаслардыӊ руўхый, интеллектуаллық, дѳретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын шараят жаратыўға тийисли нормалар тийкарғы Нызамымызда ѳз сәўлеленеўин тапты.

Жоқарыдағыларды әмелге асырыўдыӊ нәтийжели механизмлери сыпатында болса мәмлекет мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияны раўажландырыў ушын шараятлар жаратыўы, соныӊ менен бирге, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттыӊ әмелге асырылыўын тәмийинлеўи, шаӊарақты қоллап-қуўатлаў, беккемлеў ҳәм қорғаў бойынша илажлар кѳриўине тийисли нормалар да қатаӊ белгилеп қойылды.

Улыўмаластырып айтқанда еркинлик ҳәм бахтымыз тымсалы саналған тийкарғы Нызамымыздың ҳәр бир статьясы өзинде жоқары инсаныйлық принциплерин жәмлегенлиги ҳәм халықаралық улыўмалық инсан ҳуқықлары ҳаққындағы нормаларға сәйкес келиўи менен әҳмийетли.

Тажибай РомановӨзбекстан “Миллий тикланиш” демократикалық партиясы

Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы,

Партияның Жоқарғы Кеңестеги фракциясы баслығы,

Жоқарғы Кеңес депутаты

Қарақалпақстан хабар агентлиги