Мәмлекетимиз шегараларында күни-түни хызмет атқарып атырған бажыханашылар тәрепинен инсан саламатлығы ҳәм оның өмирине қәўип салыўшы ҳәм қәўипсизлик дәрежеси жоқары болған, сапасы кепилленбеген товарлардың республикамыздың аймағына нызамсыз кирип келиўиниң алды алынбақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даўыт ата” шегара бажыхана посты арқалы республикамызға кирип келген “Mercedes Benz” маркалы автотранспорт қуралы посттың инспекциялық тексериўиниң анализи нәтийжесинде гүманлы алынған орынлары бажыхана тексериўинен өткерилгенде, улыўма баҳасы 94,4 миллион сум косметикада пайдаланылатуғын түрли дәрилер ҳәм бир дана  “ЛАЗМИК” атамасындағы медициналық лазер аппаратын ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз Россиядан мәмлекетимизге алып киятырғаны анықланды. Және бир жағдайда,  усы постқа  Қазақстан Республикасы арқалы пияда кирип келген пуқараның қол жүклери бажыхана тексериўинен өткерилгенде, бажыхана хызметкериниң аўыз еки сораўында айтылмаған ҳәм жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген, улыўма баҳасы  71,2 миллион сумлық, 38 түрдеги 313 дана стоматологиялық әспаб-үскене ҳәм затларын ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз Россиядан мәмлекетимизге  алып киятырғаны мәлим болды.

Ҳәзир усы еки жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.