Қоңырат районы Рәўшан аўыл пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Конституцияның 31 жыллығына бағышланып, «Конституция халықшыл мәмлекет, турақлы раўажландырыў ҳәм абадан турмыс тийкары» сүрени тийкарында  байрам тамашалары ҳәм халық сейили болып өтти.

Дәслеп аймақ халқы арасында «Жаңа нәпес» ғалаба жүриў илажы болып өтти. Соңынан «Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле» принциплери тийкарында аймақта  қурып питкерилген объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов,Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Мусаевлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Бас нызамымыздың 31 жыллық байрамы менен қутлықлады ҳәм оның халқымыз турмысында тутқан орны туўралы кең түрде айтып өтти. Әсиресе, жаңаланған Конституцияға киргизилген жаңа өзгерис ҳәм қосымшалар халқымыз мәплерине хызмет ететуғынлығына итибар қаратты.

Илаж шеңберинде халқымыздың миллий қәдириятлары, үрп-әдет дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендирген байрам тамашалары, миллий кийимлер ҳәм 99 түрли тағамлар көргизбеси өткерилди.  Сондай-ақ, «Абат шаңарақ-абат көше -абат-маҳәлле» принциплерин енгизиўде пидайы хызмет еткен пуқаралар ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституцияның 31 жыллығына бағышланып аймақларда өткерилген түрли таңлаў ҳәм спорт жарысларының  жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы, миллий спорт ойынлары байрам қатнасыўшыларында умытылмас тәсирлер қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.