Нөкис қаласында АҚШ Аўыл хожалығы министрлигиниң балалардың билим алыўы ҳәм аўқатланыўы ушын «MakGovern-Doul» халықаралық бағдарламасы шеңберинде «Mercy Corps» [MERSIKO] халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети менен биргеликте «Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде азық-аўқат қәўипсизлиги принциплерин үйрениў ҳәм әмелий көнликпелерди раўажландырыў» атамасында 16 саатлық қәнигеликти арттырыў тренинги болып өтпекте.

 

Тренингке Хожели, Тақыятас, Нөкис, Шымбай, Қараөзек, Кегейли районларындағы мақсетли мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринен жәми 90 хызметкер (директор, хожалық ислери меңгериўшиси ҳәм аспазлары) қатнаспақта.

– Тренингте азық-аўқат өнимлерин қәўипсиз таярлаў ҳәм сақлаў, МШБШда хожалық ислери менгериўшиси, бас аспаз ҳәм аспазлардың миннетли ўазыйпалары, мектепке шекемги жастағы балалар ушын тойымлы, қәўипсиз аўқатланыўды шөлкемлестириў, МШБШ асханаларына қойылатуғын гигиеналық талаплар, азық-аўқат өнимлерин жеткериў ҳәм сақлаў, сондай-ақ, аўқат таярлаў ушын санитариялық-гигиеналық талаплар, дезинфекциялаў қуралларын сақлаў қағыйдалары, МШБШларға «Mercy Corps» [MERSIKO]  халықаралық шөлкеми тәрепинен берилген асхана үскенелери ҳәм суўды фильтрлеў системаларынан пайдаланыў қағыйдалары сыяқлы бир қатар темалар бойынша теориялық ҳәм әмелий билимлер бериледи,-дейди министрликтиң мәлимлеме хызмети баслығы Т.Дәўлетмуратов.

Балалардың билим алыўы ҳәм аўқатланыўы ушын «MakGovern-Doul» халықаралық бағдарламасы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәря ўәлаятының мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемилеринде әмелге асырылып атырған болып, бул бағдарлама  мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын ҳәм инфраструктурасын жақсылаў, балаларда ерте билимлилик, саламат турмыс тәризи ҳәм гигиена көнликпелерин раўажландырыў бойынша МШБШ педагог, мийирбийке ҳәм аспазларының маманлығын арттырыў ҳәм педагоглар ушын тренерлик ямаса менторлық жумысын әмелге асырыў сыяқлы бир қатар мақсетлерге ерисиўди нәзерде тутады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.