Ҳәзирги күнлери Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жуўапкерлери хызмет сапары менен Нью-Йорк қаласында болмақта. Өзбекстан делегациясы Нью-Йорк қаласындағы Колумбия университетине барды.

Сапар даўамында усы жоқары оқыў орнының профессор-оқытыўшылары тәрепинен халықты социаллық қорғаў системасын беккемлеў мәселелерине бағышланған сөйлесиўлер, сондай-ақ, бир қатар перзентациялар өткерилди. Сондай-ақ, социаллық қорғаўдың әҳмийетли машқалалары бойынша пикир алысылды.

Итибарлы тәрепи, Колумбия университети пуқараларды социаллық қорғаў менен тәмийинлеўде Өзбекстанның «мәҳәлле» институты системасын үйрениўе айрықша қызығыўшылық билдирмекте.

Сондай-ақ, делегация ағзалары университет президенти Минуш Шафик пенен де ушырасты.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде СҚМА, Колумбия университети социаллық жумыс мектеби ҳәм UNICEF арасында тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил регионда социаллық қорғаў системасын раўажландырыўда әҳмийетли рол атқаратуғыны күтилип атырған Шерикликти беккемлеў ҳәм социаллық абаданлықты раўажландырыў орайы шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын үш тәреплеме өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Н.Зиёдуллаева таярлады

ӨзА