Президент Халық қабыллаўханалары Беруний, Шоманай, Нөкис ҳәм Шымбай районларында суд-ҳуқық мәселелери бойынша шөлкемлестирилген ғалаба қабыллаўлар платформасы ең алыс, шетки аймақларының халқы ушын өзлерин ойландырып атырған мәселелерге шешим табыў, басшылар ушын болса өз тараўлары бойынша аймақтағы системалы машқалаларды анықлаў имканиятын берди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының жуўапкерлери, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, прокуратура, Ишки ислер министрлигиниң басшылары ҳәр бир мүрәжатта айтылған мәселени усы тараўға байланыслы жуўапкерлердиң қатнасыўында ашық-айдын, толық додалады.

Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының жуўапкерлери үш күнлик қабыллаўларда 139 арза менен шағымды көрип шығып, олардың 78и бойынша ҳуқықый түсиник берилди, 3 шағым арза нызамлы көрип шығыў ушын қабылланды, 58 мүрәжатқа орнында шешим табылды. Машқаласы шешилген инсанлардың үйлерине, сезим-туйғыларына, пикирлерине қулақ тутып, инсан нени жоғалтса, соның қәдирине көбирек жетиўине исеним пайда болды. Ҳақыйқатында да, айыбын түсинип жеткен, қылмысына пушайман адам бәрқулла өзин кешириўине, оған және бир имканият берилиўине үмит етип жасайды. Мине үмит-исеним қабыллаўға баслап келген инсанлардың өзи ямаса жақынларының мүрәжатлары пуқта үйренилгеннен соң, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы, Беруний, Төрткүл, Шоманай, Қоңырат, Хожели, Нөкис, Шымбай, Кегейли, Тахаткөпир районларының судлары тәрепинен шөлкемлестирилген көшпели суд мәжилислеринде 59 ис көрип шығылды, олардың барлығы – 59 шахс жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди. Яғный оларға өз турмысын түсинип алыўы ушын және бир имканият берилди, бул шәртли еркинликке шығыўдың шәрти болса биреў – басқа жынаят жолына кирмеў, ҳуқықбузарлық ислемеў.  Керисинше жағдайда, кейинги мәрте берилетуғын жаза және де аўыр болады.




Мүрәжатлар тийкарында жынаят ислери бойынша Беруний, Нөкис ҳәм Шымбай районлары судларындағы суд мәжилислеринде көрип шығылған жумыслар нәтийжесинде болса еркинликтен айырыў ҳәм мийнет арқалы дүзетиў жумыслары жазасын өтеп атырған 44 шахс жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди, 5 айыпланыўшының өтелмей қалған жазасы жеңилиреги менен алмастырылды, 1 шахстың транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў жазасы мүддетинен алдын қысқартылды.

Хорезмли С.Саидназаровқа жынаят ислери бойынша Чиланзар районлық судының 2015-жыл 27-июльдеги ҳүкими бойынша Жынаят кодексиниң 273-статьясында көрсетилген жынаятты ислегени ушын 18 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланып, жазаны улыўма тәртиптеги колонияларда өтеўи белгиленген еди. 2014-жылдан берли усы күнге шекем жаза мүддетиниң екиден бир бөлеги, яғный 9 жыл 6 күнин өтеген, өтелмеген жаза мүддети 8 жыл 11 ай 24 күнди қурап, қамақ жазасын өтеп атырған еди. Оның жазаны жеңиллестириў ҳаққындағы өтиниш хаты судта көрип шығылып, қанаатландырылды – қамақ жазасы мийнет арқалы дүзетиў жумысларына алмастырылды.

Нөкис районында жасаўшы Е.Жумабаев жүз берген автоҳәдийсе менен байланыслы жынаяты ушын мийнет арқалы дүзетиў жумыслары жазасын өтеп атырған еди. Оның жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етиў ҳаққындағы өтиниш хаты судта көрип шығылып, қанаатландырылды – Жынаят кодексиниң 73-статьясы 3-бөлими «а» бәнтине тийкарланып мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

Сондай-ақ, пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен 11 алимент өндириў бойынша суд буйрығы шығарылып, орынлаўға қаратылды, ажырасыў жағдайына келип қалған шаңарақлар менен сәўбетлесилип, 1 шаңарақ жарастырылды, 1 қарыз өндириў ҳаққындағы пуқаралық иси бойынша тәреплер өз-ара келисимге еристи.

Пуқаралық ислер бойынша Беруний районлараралық суды баслығы ҳәм судьясына миннетдаршылық билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги