Қанлыкөл районы әдиллик бөлими тәрепинен өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар даўамында бир қатар пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешимин таппақта.

Атап айтқанда, пуқара К.Ешмуратов ҳәм басқа 36 пуқараның көп жыллық мийнет стажына ийе болыўына қарамастан, төленип атырған пенсиялары аз екенлигинен наразы болып жоллаған мүрәжаты үйренип шығылды.

Мәлим болыўынша, пуқаралардың мийнет дәптершелеринде олар ислеген мәкеме ҳәм шөлкемлер жазылған болыўына қарамастан, узақ жыл жумыс ислеген көпшилик пуқаралардың мийнет стажы, мийнет ҳақы ҳәм мәмлекетлик пенсия фонды взносларының төленгенлиги туўралы мағлыўматлар толық болмағанлығы себепли пенсия тайынлаў ўақтында  есапқа алынбай қалып кеткен.

Бул жағдайдың жүзеге келиўине Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамы 37-статьясының “а” бәнтинде белгиленген тәртипте, мәмлекетлик пенсия фондына қамсызландырыў төлемлериниң төленгенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматлар сақланбағанлығы себеп болған. Мийнет Кодексиниң 125-статьясына муўапық мийнет дәптершеси мийнет стажын тастыйықлаўшы ҳүжжет болып табылады.

Қалаберди, жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясының 20-статьясында ҳуқықты қолланыў әмелиятында мәмлекет ҳәм инсан арасындағы тартыслы жағдай жүзеге келген жағдайда мәселе инсанның пайдасына шешилиўи белгиленген.

Мүрәжатлар бойынша үйрениў жуўмағында пуқаралардың ҳуқықлары бөлимимиз тәрепинен берилген даўа арза тийкарында 36 пуқараның иси Нөкис районлар аралық Ҳәкимшилик судының суд мәжилисинде көрип шығылып, атап өтилген пуқаралардың пенсияларының мәлим муғдарда көбейиўине ерисилди.

Асылбек ИСКЕНДЕРОВ,

Қанлыкөл районы әдиллик бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги