28-30-ноябрь күнлери Ташкент қаласында спорттың пара оқ атыў түри бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Оған мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан күшли спортшылар қатнасты.

Соның ишинде, бул жарысқа белсене қатнасқан республикамыздың сайланды команда ағзалары бир қанша сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтатуғын болсақ, ерлер арасында Бектилеў Абдуллаев Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алған болса, Жеткер Мәмбеткаримов гүмис, Асылбек Қушбасов қола медалына ылайық деп табылды.

Қызлар арасында болса, Айзада Оразымбетова екинши орынды жеңип алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы