Өзбекстан бүгин өзиниң раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қоймақта. Пуқаралардың ең әҳмийетли арзыў-үмитлери ҳәм мақсетлери тийкарғы нызам Конституцияда толық өз сәўлесин табады.

Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады. Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, тиккелей әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый түп тийкарын қурайды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30-статьясында, ҳеш ким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқықынан айрылыўы, ҳеш ким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емеслиги белгиленген.

Жаңаланған Конституцияның 31-статьясында болса, ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол-қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе. Ҳәр ким хат жазысыўлары, телефон арқалы ҳәм басқа сөйлесиўлери, почта электрон ҳәм басқа хабарлары сыр сақланыўы ҳуқықына ийе.

Усы ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың шешимине тийкар жол қойылады. Ҳәр ким өзиниң шахсына байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына, сондай-ақ надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў, сондай-ақ ҳәр ким турақ-жайға болған қолқатылмаслық ҳуқықына ийе. Ҳеш ким турақ-жайға онда жасаўшы шахслардың қәлеўине қарсы кириўи мүмкин емес.

Турақ-жайға кириўге, сондай-ақ шығарып алыўға ҳәм көзден кешириўди өткериўге тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте жол қойылады.
Турақ-жайда тинтиў өткериўге тек ғана нызамға ҳәм судтың шешимине муўапық жол қойылады.

 

К.Кыпшакбаев,

Қарақалпақстан Республикасы

Нөкис районлар аралық

ҳәкимшилик судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги