Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўларда келип түсип атырған мүрәжатлардың орнында көрип шығылыўы халықтың әдиллик бөлимлерине болған исенимин арттырмақта.

Мине, усындай мүрәжатлардың биринде Елликқала районы медицина бирлеспеси “Қумбасқан” шаңарақлық поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери  Д.Э.ниң мийнет ҳақысына қосымша үстеме пулы төлеп берилмей атырғанынан наразы болған мүрәжаты үйренип шығылды. Нәтийжеде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2023-жылы 16-январьда дизимге алынған “Медицина мәкемелерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў фонды ҳаққында”ғы Режениң 13-14-бәнтине тийкарланып, жаңа жумыс баслаған медицина жоқары оқыў орынларының питкериўшилерине олар жумысқа қабыл етилген күннен баслап айлық мийнет ҳақысы төлемлерине арнаўлы айлық үстемелер қосымша түрде төлениўи белгиленген.

Режеде белгиленген, яғный үйрениў күнине шекем жәми 12 миллион сум муғдарындағы үстеме пулы мүрәжат ийесине тийкарсыз төлеп берилмей атырғаны белгили болды. Усы үстеме пулларын өндириў мақсетинде районлық медицина бирлеспесине усыныс хаты берилди ҳәм мүрәжат ийесиниң пайдасына мийнет ҳақысына қосымша үстеме пулы төлеп берилиўи тәмийинленди.

Алишер ҚАДИРОВ,

Елликқала районы әдиллик бөлими

юридикалық хызмет көрсетиў орайының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги