Қарақалпақстан Республикасы судында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тастыйықланған Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары тараўының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы “Жол картасы”ның екинши бөлими 19-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша судьялар, сорастырыўшы, тергеўши ҳәм прокурорлардың қатнасыўында оқыўсеминары өткерилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Адилов кирис сөзи менен ашып, бүгинги күнде суд-ҳуқық тараўындағы реформаларды жедел әмелге асырыў процесинде нызам ҳүжжетлери, әсиресе, жынаят-процессуал нызамшылығына киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалардың әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы судьялары А.Аметов, Ж.Уразбаев ҳәм жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы Ш.Шамамбетовлар баянат жасап, дәслепки тергеў уйымлары тәрепинен жынаят ислерин тергеўде Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал нызамшылығы нормаларын дурыс қолланылыўын тәмийинлеў  ҳәм бул бағдарда әмелиятта ушырасып атырған қәте-кемшиликлерди атап өтти.



Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша дәслепки тергеўде жынаят ислеген шахстың ҳәрекетлерин дурыс квалификациялаў ҳәм оларға айып жәриялаўда  Өзбекстан Республикасы Жынаят ҳәм жынаят-процессуал кодеклериниң нормалары менен талапларына, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының қарарлары түсиндириўлерине айрықша дыққатлы болыў мәселелерине де итибар қаратылды.

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 28-статьясына муўапық, айыплаў менен байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў имканияты таўсылған болса, гүман етилиўшиниң, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса судланған шахстың пайдасына шешилиўи керек. Егерде, шахстың өзиниң айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлийл болса, ол айыплы деп табылыўы яки жазаға тартылыўы мүмкин емес.

Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 22-статьясы талаплары бойынша, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ҳәм суд жынаят жүз бергенлигин, оның ислениўинде ким айыплы екенлигин, сондай-ақ, оның менен байланыслы барлық жағдайларды анықлаўы шәрт. Ис бойынша ҳақыйқатты анықлаў ушын тек ғана Жынаят-процессуал кодексинде көрсетилген тәртипте табылған, тексерилген ҳәм баҳаланған мағлыўматлардан пайдаланыўы мүмкин.

Семинар қатнасыўшылары соңғы ўақытлары әмелиятта көп ушырасып атырған машқалалар ҳәм оны сапластырыў бойынша өз-ара пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги