Социаллық қорғаў миллий агентлиги делегациясының ўәкиллери Нью-Йорктағы хызмет сапары даўамында БМШ Балалар қоры атқарыўшы директоры орынбасары Женева Боутин менен биргеликте UNICEFтиң социаллық қорғаў, балалар ҳәм майыпларды Қорғаў бойынша бөлимлери басшыларының қатнасыўында еки тәреплеме сойлесиўлер өткерди.

Тәреплер балаларды, атап айтқанда, майыплығы болған ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды социаллық қорғаў ҳәм институционализацияланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, профессионал социаллық хызметти енгизиў мәселелери  бойынша бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң преспективалы бағдарларында жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын 2024-2025-жылларға мөлшерленген еки тәреплеме ҳәрекетлер режесине қол қойылды.


Н.Зиёдуллаева, ӨзА