Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызамының 1-статьясында «Қарақалпақ ҳәм өбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады»-деп көрсетилген. Сонлықтан бүгинги күни республикамыздағы барлық рәсмий ҳүжжетлер усы мәмлекетлик тилде жүргизиледи.

Буннан 34 жыл бурын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында «Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигин бериў ҳаққында нызам» қабыл етилген еди. Мине, соннан берли республикамызда қарақалпақ тилин үйрениў, изертлеў ҳәм оны еле де жетилистириў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылып, бул сәне байрам сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де усы байрамға бағышланып, «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!» атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти.

Оған университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны университет проректоры Т.Нурымбетов ашты ҳәм илаж қатнасыўшыларын Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 34 жыллық байрамы менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша исленип атырған жумыслар туўралы кең түрде айтып өтти.

Буннан соң филология илимлериниң докторы, профессор М.Қудайбергенов «Тил-жәмийет айнасы», филология илимлериниң кандидаты, доцент И.Казаков «Ўзбек ва қорақолпақ тилларида лингвокултурологик бирликлар» темасындағы баянатлары менен қатнасып, бул илаж қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.



Сондай-ақ, кешеде Ана тилимиз ҳәм Ўатанымызды жырлаўшы концерт бағдарламасы қойып берилип, қатнасыўшыларға заўық бағышлады.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы