Өзбекстан конференциялар сарайында даўам етип атырған БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша глобаллық форумды кирис сөзи менен ашқан Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Өзбекстанда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша басқа жерде ушыраспайтуғын тәжирийбе ҳәм уникал система жаратылғанын атап өтти.

Ҳүкимет ағзаларының қурамында Муўапықластырыўшы кеңес дүзилди. Глобаллық турақлы раўажланыў мақсет ҳәм ўазыйпалары және олардың индикаторлары миллий өзгешеликлеримизге бейимлесип, 16 мақсет, 125 ўазыйпа ҳәм 206 индикатор қабыл етилди.

Муўапықластырыўшы кеңестиң тийкарғы ўазыйпасы – миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың нәтийжели жумысларын шөлкемлестириў, мақсетлерге ерисиўде уйымлараралық үйлесикти тәмийинлеў етип белгиленди.

– Өз гезегинде, турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда тек ғана парламент ҳәм Ҳүкимет емес, ал пуқаралық жәмийети институтлары менен де бирге ислесиў тийкарғы көзқараслардын бирине айланды, – деди Т.Норбоева. – Турақлы раўажланыў мақсетлери нәзерде тутылған миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда жәми 10 мыңнан аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары жедел қатнаспақта. Қалаберсе, халықаралық бирге ислесиўшилер, бәринен бурын, БМШтың барлық қәнигелескен структуралары менен жолға қойылған үзликсиз бирге ислесиўимиз де өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Бул болса, өз гезегинде, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы имиджине де өзиниң унамлы тәсирин көрсетип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтиў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекстанның түрли абырайлы халықаралық рейтинг ҳәм индекслериндеги позицияларын жақсылаў бойынша жумыслар да тиккелей парламент тәрепинен муўапықластырылмақта. Бул бағдардағы ҳәрекетлер де Турақлы раўажланыў мақсетлериниң бағдарлары менен өз-ара байланыслы тәризде алып барылмақта.

Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жоқарыдағы бағдарлар менен шекленбестен, тараўда парламентлик қадағалаў орнатылды.

Мәмлекетимиз басшысының усынысы менен миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша Парламентлик комиссия дүзилди.

Норгул Абдураимова,

Носир Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзАның хабаршысы