1-декабрь – қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 34 жыллығын белгилеў мақсетинде республикамыздың барлық орынларында, жоқары ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде, мәкеме ҳәм шөлкемлерде байрам кешелери өткерилмекте

Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2023-жыл 7-ноябрь күнги «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигиниң 34 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы мәжилис баянламасындағы белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, пайтахтымыздағы Республикалық Балалар китапханасында «Ана тилим сен басқадан айырмам» атамасында шығармалар таңлаўы өткерилди.


Таңлаўға Нөкис қаласындағы барлық улыўма билим бериў мектеплеринен ең билимли, қәбилетли 9-класс оқыўшы-жаслары қатнасты.

Таңлаў жуўмағында 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Минайым Амангелдиева биринши, 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ақсулыў Исакова екинши, 37-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Меҳрибан Бекмурзаева үшинши орынларды ийеледи.

Пайтахтымыздағы 27-санлы улыўма билим бериў мектебинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими ҳәм қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими тәрепинен 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилгенине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен «Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең – ана тилим» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Бул илажға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары Б.Генжемуратов, Б.Сарыбаевлар, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов, Нөкис қаласы ҳәкими мәсләҳәтшиси Б.Абдреймов ҳәм «Пайтахт» газетасы бас редакторы F.Бердибаевлар қатнасып,  кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады.

Илаж даўамында Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен пайтахтымыздағы бир қатар улыўма билим бериў мектеплериниң белсенди қарақалпақ тили ҳәм әдебияты муғаллимлери, сондай-ақ, «Ана тилим сен басқадан айырмам» атамасындағы шығармалар таңлаўының қалалық басқышы жеңимпазлары ҳүрмет жарлығы ҳәм  естелик саўғалар менен сыйлықланды.



Илаж мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған қосық-тақмақлар, сахналық көринислер ҳәм әдебий композициялар менен даўам етти.



Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги