Усы жыл 27-ноябрь күни Нөкис қаласында уллы сөз зергери Бердақ Ғарғабай улының туўылған күнине бағышланған илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаевтың қатнасыўында  бабамыздың  естелигине гүл шеңберлери қойылып,   оган шексиз  ҳүрмет көрсетилди.  Илажға сондай-ақ республикамыздың кең жәмийетшилик ўәкиллери, зыялылар, жаслар қатнасты.

Буннан соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде   шайыр туўылғанының 196 жыллығы мүнәсибети менен жазыўшылар, әдебиятшылар ҳәм жас дѳретиўши студент-жаслардың қатнасыўында әдебий кеше ѳткерилди.

Илажда  Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша баянатлар жасалып, қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, 19-әсир қарақалпақ классикалық әдебияты туўралы сөз болғанда бириншилерден болып уллы сөз зергери Бердақ Ғарғабай улы тилге алынады. Оның қосықлары бүгинги күни бәршеге яд болып кеткен, десек асыра айтқан болмаймыз. Туўылған жерге болған муҳаббатты  жырлаўда Ўатанға  сүйиспеншиликтиң тымсалына айланған классик шайыр есапланады. Оның шығармаларын оқып, уллы  данышпан, тарийхшы, ҳәр тәреплеме жетилискен шахс болғанлығын аңлайсыз. Шайыр дөретиўшилиги Орта Азия   халықларының   миллий   мәдениятына, сондай-ақ пүткил дүньялық мәденият ғәзийнесине қосылған үлкен үлес деп те баҳаланады. Быйыл оның туўылганының 196 жыллығы мүнәсибети менен өткерилип атырған “Бердақ күнлери” ҳәптелиги шеңберинде   илимий-әмелий әнжуманлар   даўам етпекте.

Илаждың әдебий бөлиминде шайыр шығармаларынан бақсылар атқарыўындағы қосықлар жаңлап, студент-жаслар шайыр қосықларын көркемлеп оқыды, сахналық көринислер көрсетилди.

Шайыр көзи көрип, көкиреги сезип, билгенин жазар екен, дөретпелери арқалы халықты айдын келешекке руўхландырыўда,  олардың руўхый дүньясын байытыўға қосқан үлеси шексиз. Соның ушында шығармалары әдебият ықласбентлери, келешек әўлад ушын өлмес мийрас болып қала береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги