Усы жылдың 24-ноябрь күни Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң «Барлық жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң студентлери ҳәм оқыўшыларының қысқы дем алыс дәўирин мазмунлы өткериў ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын семинарлар шөлкемлестириў ҳаққында»ғы буйрығы қабыл етилди.

Оған бола, барлық жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў (мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, сырт ел) мәкемелеринде қысқы дем алыс мүддети 2023-жылдың 25-декабринен 2024-жылдың 7-январына шекем етип белгиленди.

Қысқы дем алыстың басланыў күни, яғный 25-декабрь әйне ҳәптениң биринши күнине туўра келеди. Сондай-ақ, дем алыс жуўмақланып сабақ процесслериниң басланыўы да 2024-жыл 8-январь, дүйшемби күнине белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги