24-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеокнференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Сенаттың қырқ жетинши жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен дәслеп «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине сайлаў ҳәм референдум өткериў тәртибин және де жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы сенаторлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған «Өзбекстан-2030» стратегиясы қабыл етилип, бул стратегия шеңберинде әҳмийетли ҳәм глобал бағдарлар бойынша мақсетлер белгиленген.
Додалаў даўамында демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм мәмлекетти модернизациялаўда сиясий партиялардың ролин және де күшейтиўге қаратылған ўәкиллик уйымларына сайлаўдың аралас, яғный мажоритар ҳәм пропорцианал системасын енгизиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, жаңа редакциядағы Конституцияда референдум ҳәм сайлаўға байланыслы өзгерислер нәзерде тутылғанлығы, сол себепли әмелдеги сайлаў ҳаққындағы ҳәм референдум ҳаққындағы нызамшылықты оған муўапықластырыў зәрүрлигиниң де бар екенлиги атап өтилди.
Көрип шығылған Конституциялық нызамға бола, Нызамшылық палатасының сайлаўы аралас (мажоритар, пропоционал) сайлаў системасы тийкарында өткериледи. Онда Нызамшылық палатасының 75 депутаты мажоритар сайлаў системасы тийкарында бир мандатлы сайлаў округлеринен, қалған 75 и пропорционал сайлаў системасы (партиялар дизими) тийкарында сиясий партияларға берилген даўыслар бойынша бирден-бир сайлаў округинен сайланыўы нәзерде тутылған.
Және бир әҳмийетли мәселе – сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлардың көрсетилип атырғанда ҳаял-қызлар санының ең аз муғдарын талабанлар улыўма санының отыз процентинен қырқ процентине арттырыўды нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.
Соның менен бир қатарда сайлаў комиссияларының жумысын жетилистириўге қаратылған өзгерислер мақулланды. Атап айтқанда, Орайлық сайлаў комиссиясы тоғыз ағзадан ибарат қурамда сайланыўы, Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы бес жыллық мүддетке сайланыўы, бир шахстың қайта еки мүддеттен артық Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы етип сайланыўы мүмкин емеслиги қатаң белгиленбекте.
Сенаторлар тәрепинен усы Конституциялық нызамның қабыл етилиўи парламент ҳәм жергикликли ўәкиллик уйымларының жумысында сиясий партиялардың ролин және де кеңейтиўге, Нызамшылық палатасы депутатларының корпусын қәлиплестириўдиң мажоритар-пропорционал түрине тийкарланған сайлаў системасы енгизилиўиниң ҳуқықый тийкарлары жаратылыўына хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.
Қызғын додалаўлардан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң, жалпы мәжилисте «Топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, аўыл хожалығын реформалаў, тараўды раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарын беккемлеў, инвестицияларды тартыў, ресурс үнемлеўши технологияларды енгизиў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, жер жүзиндеги ҳәзирги экологиялық факторлардың кескин өзгериўи жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға, сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлериниң зүрәәтлилигин ҳәм сапасын арттырыўға өз тәсирин көрсетпекте.
Бул болса, өз гезегинде, азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тутыныў рационын жақсылаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм қәстерлеп-сақлаўды талап етпекте.
Соның ушын бул нызам менен жер фондының барлық категорияларындағы топырақтың өнимдарлы ҳәм топырақ пайда етиўши қатламлары топырақты қорғаў объекти етип белгиленбекте.
Нызамда топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў, жер ийелериниң, жерден пайдаланыўшылардың ҳәм жер участкалары ижарашыларының топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў тараўындағы ҳуқықлары менен миннетлемелери беккемленбекте.
Нызамда топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм қорғаў, жағдайын жақсылаў, өнимдарлығын сақлаў, сондай-ақ, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың ўәкилликлери, жерлерди рекультивациялаў, топырақтың жағдайы ҳәм сапасына тәсир етиўши жойбарлар, қураллар менен технологияларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў мәселелери өз көринисин таппақта.
Соның менен бирге, физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен топыраққа жеткерилген зыянның орны қапланыўын талап етиў ҳуқықы белгиленбекте.
Қала қурылысы жумысын, геологиялық излеўди ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыўды, сондай-ақ, аўыл хожалығына байланыслы болмаған басқа жумысты әмелге асырыў ўақтында топырақтың өнимдарлы қатламы тегислеп алынбағанлығы ҳәм сақланбағанлығы факти анықланған жағдайда, жеткерилген зыянның орны қапланыўы беккемленбекте.
Сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде суўғарылатуғын топырақлар өнимдарлығының төменлеў процесслериниң сапластырылыўы ҳәм топырақ өнимдарлығын тиклеў есабынан өним жетистириў имканиятының кеңейетуғынын атап өтти.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенатының гезектеги жалпы мәжилисинде «Мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бул нызам тараўдағы халықаралық тәжирийбеден ҳәм Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалар ҳәм жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Конституциясына муўапық ислеп шығылған болып, онда меншиклестириўдиң барлық басқышлары тиккелей әмел етиўши нызам дәрежесинде белгиленбекте.
Нызам менен меншиклестириў ҳаққында қарар қабыл етиў, баҳалаўдан өткериў, басланғыш баҳаны белгилеў, мәсләҳәтшилерди тартыў, саўдаларды өткериў процесслери тәртипке салынбақта.
Сондай-ақ, меншиклестириўдиң нызамлылық, ашық-айдынлық, есап бериў, тең бәсеки орталығын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға жол қоймаў сыяқлы тийкарғы принциплери белгиленбекте.
Соның менен бирге, әмелдеги нызамда сәўлеленбеген электрон-онлайн аукцион ҳәм биржа, сондай-ақ, сойлесиўлерге ғалабалық мирәт етиў, бәсекиге тийкарланған қарым-қатнас тийкарында сатыў, кәрхананы ҳәм көшпес мүлк объектин басқа жәмийеттиң устав фондына киргизиў, кәрханаларды кейин ала сатыў шәрти менен ижараға бериў сыяқлы меншиклестириўдиң жаңа түрлери киргизилмекте.
Буннан тысқары, нызамда меншиклестириў тараўында Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң ўәкилликлери анық белгиленбекте.
Нызам менен меншиклестириў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған нормалар киргизилип, оған бола меншиклестириў ҳаққындағы топланған есабатлар ҳәм ҳәр бир мәмлекетлик активтиң саўда процесслериниң басқышлары ҳаққында мағлыўматлар Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, оның аймақлық басқармалары, саўда шөлкемлестириўшиси ҳәм дәлдалшының веб-сайтларында, республика ҳәм жергиликли дәрежедеги ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда жәрияланыўы нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, мәмлекетлик активлерди сатыўда бөлип-бөлип төлеў имканияты, төлемлерди әмелге асырыў тәртиби ҳәм шәртлери нызам дәрежесинде белгиленбекте ҳәм мүлкти баланста сақлаўшының жуўапкершилиги күшейтилмекте.
Бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик активлерди заманагөй усыллар тийкарында меншиклестириўдиң жеделлесиўин, ашық-айдын болыўын, барлық қарыйдарлар ушын тең бәсеки орталығы жаратылыўын тәмийинлейди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, мобиль қурылмалар ҳәм социаллық тармақ пенен мессенжерлердеги аккаунт ямаса каналларға зыянлы программа жибериў жолы менен блоклап (тосып) қойыў, мағлыўматларды өширип жибериў, өзгертиў ямаса алып қойыў менен қорқытып шахслардан пул ямаса басқа да материаллық мәпдарлық талап етиў жағдайлары бақланбақта.
Сондай-ақ, арнаўлы бағдарламалар жәрдеминде шахслардың фотосүўрети, даўысы ҳәм басқа да биометрикалық мағлыўматларын қәлбекилестириў жағдайлары да ушыраспақта.
Соның ушын Жынаят кодексиндеги (165-статья) көзбоямашылық түсинигине өзгерис киргизилип, шерменде ететуғын өтириклер менен байланыслы ҳуқықбузарлық ушын да жуўапкершилик белгиленбекте.
Буннан тысқары, сырт елден алып келинип атырған ямаса блокланған уялы байланыс қурыламаларына белгили бир ҳақы есабынан өзлериниң IMEI кодларын көширип бериў жағдайлары көбейип бармақта.
Ҳәзирги ўақытта тек ғана IMEI кодында 5 011, және басқа бир IMEI кодында болса 2 347 SIM карта менен бир ўақытта белсене жағдайда екенлиги анықланған.
Нызамшылықта бундай ҳәрекетлерди ислеген шахсларға бирде-бир ҳуқықый тәсир илажын қолланыў белгиленбеген.
Сол себепли нызамшылықтағы бул бослықларды сапластырыў мақсетинде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске мобиль қурылманың халықаралық өзине тән идентификация кодын ямаса абонент қурылмасының идентификациялаў модулин нызамғы қайшы түрде өзгерткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик киргизилмекте.
Соның менен бирге, Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерде крипто-активлер айланысы тараўындағы нызамшылықты бузғаны ҳәм майнинг жумысын нызамға қайшы түрде әмелге асырғаны ушын тийисли жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.
Нызамсыз крипто-активлер айланысы ҳәм майнинг пенен шуғылланғанлар усы жынаят ҳаққында өз ықтыяры менен шағым еткен ҳәм оны ашыўда жәрдем берген жағдайларда жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи сенаторлар тәрепинен атап өтилди.
Бул нызамның қабыл етилиўи келешекте мәлимлеме технологияларының жәрдеминде жүз берген жынаятларды ашыў, оларға қарсы гүресиў ҳәм тергеўде барлық күш ҳәм қуралларды толық бағдарлаўға, сондай-ақ, крипто-активлер айланысы тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлерин бузыў ҳәм нызамға қайшы түрде майнингти әмелге асырыў ушын жуўапкершилик шеңберин анық норма менен белгилеў имканиятын береди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан тысқары, Сенаттың қырқ жетинши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Конституциялық нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды.
Мәмлекетимизде быйыл үлкен сиясий ўақыя – улыўма халықлық референдумы өткерилип, оның жуўмақларына бола, халқымыздың ерк-ықрары менен жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте додаланған нызам да жаңаланған Конституцияға киргизилген қағыйдалардан келип шыққан ҳалда ислеп шығылған.
Киргизилип атырған өзгерислерге муўапық Конституциялық суд ўәкилликлери кеңейтилип, Өзбекстан Республикасының референдумына шығарылып атырған мәселелердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ бериўи белгиленбекте.
Конституциялық суд тек ғана өз ўәкилликлери қатарына киргизилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе екенлиги нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, Конституциялық судтың судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз он жыллық мүддетке сайланыўы беккемленбекте.
Сенаторлар атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде Конституция ҳәм нызамлардың үстинлиги ҳәм олардың бирдей әмелде болыўына ерисиледи.
Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ жетинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети