Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтына Норвегияның Осло университети ҳәм Ҳиндстанның Мадураи Камараж университетлериниң профессорлары Венкачалапатҳий Вишнукантхан, Маянди Жеянтҳинатх, Смагул Каразхановлар келип институтта әмелге асырылып атырған оқыў процесслери менен танысты.

Институтта Мадураи Камараж университетиниң профессорлары студентлерге сабақ өтип, өз-ара тәжирийбе алмасты. Профессор Маянди Жеянтҳинатх тәрепинен институттың 1-курс химиялық технология қәнигелиги студентлерине физика ҳәм химия илимлериндеги жаңалықлар, тийкарғы теориялар ҳәм машқалалар бойынша қызықлы мағлыўматлар берилди.

Сабақ даўамында студентлер профессордан Ҳиндстандағы билимлендириў тараўындағы жаңалықлар ҳаққында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Норвегияның Осло университети доценти Венкачалапатҳий Вишнукантхан да студентлерге сабақ өтти.

– Бүгинги күнге шекем физика, химия, математика қәнигелиги бойынша бакалавр тәлим бағдарын питкерип, илимий жумыслар алып барған болсам ең қыйын илим, деп физика пәнин атап өтиў орынлы,-дейди мийман студентлер менен сәўбетлесиў даўамында.




Қызықлы фактлерге ҳәм мағлыўматларға бай болған сабақ даўамында студентлер бул тараўлар бойынша жаңалықлар, илимий изертлеўлер, сондай-ақ, Осло университетиндеги билимлендириў бағдары туўралы түсиниклерге ийе болып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Илимпазлар институттың профессор-оқытыўшылары менен де сәўбетлесиў өткерип, тәжирийбе алмасты.

Ушырасыўда Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты директоры А.Каипбергенов Норвегияның Осло ҳәм Ҳиндстанның Мадураи Камараж университетлери профессорлары арасында институт студентлерине сабақ өтиў, бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги