Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Орайлық Азия экономикасы ушын арнаўлы бағдарламасы – СПЕКАның биринши саммитин шөлкемлестириў басламасы ҳәм көрсетилип атырған қызғын миймандослық ушын Әзербайжан Республикасы Президенти ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевтиң атына билдирилип атырған миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Соны айрықша атап өтпекшимен, Әзербайжанның нәтийжели басшылығында Бағдарламамыз шеңбериндеги регионаллық бирге ислесиўимиз пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди.
Быйыл Женевада өткен министрлер ушырасыўы, усы күнлери Бакуде болып атырған «СПЕКА ҳәптелиги» ҳәм әлбетте, бүгинги тарийхый саммитимиз кең регионымызды глобал әҳмийетке ийе өз-ара байланыслылық орайына айландырыўға хызмет етеди.
Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли кәсиплеслеримди, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары мәртебели ўәкиллерин ҳәм илаждың барлық қатнасыўшыларын биргеликтеги Бағдарламамыз дүзилгениниң 25 жыллығы менен шын кеўилден қутлықлайман.
Күни кеше СПЕКАның усы қутлы сәнесине бағышланған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының айрықша резолюциясы қабыл етилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Ташкентте тийкар салынған бул әҳмийетли платформа Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде регионаллық шерикликтиң әмелий механизми сыпатында өзиниң оғада зәрүр екенлигин айқын көрсетти. Оның шеңберинде коммерция, коммуникация, транспорт ҳәм логистика, санластырыў, энергетика, суў ресурслары, экология, гендер теңлиги ҳәм басқа да тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған 400 ден артық жойбарлардың турмысқа енгизилгени, саўданы әпиўайыластырыў ҳәм инновациялық раўажланыў стратегияларының қабыл етилгени бул пикиримизди тастыйықлайды.
Әсиресе, соңғы жыллары Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық ҳәм исеним орталығының күшейип, интеграция тереңлесип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтемен. Биз ҳүрметли кәсиплеслеримиз бенен биргеликте қандай қыйын мәселе ҳәм қурамалы машқалаларды шешкенимизди барлығыңыз жақсы билесиз.
Ҳәзирги күнде Орайлық Азия мәмлекетлери, Әзербайжан, Грузия ҳәм Венгрия менен санаат кооперациясы ҳәм инфраструктура бойынша ири бағдарламаларды әмелге асырмақтамыз. Биргеликтеги инвестициялық компанияларды шөлкемлестирип, қаржыландырыў механизмлерин жолға қойдық. Шегара аймақларында заманагөй саўда-логистика орайлары ҳәм арнаўлы экономикалық зоналар қурылмақта.
Усы жерде ҳүрметли Илҳам Гейдарович басшылығында тарийхый әдиллик тикленген ҳәм азат етилген Әзербайжан аймақларында алып барылып атырған мисли көрилмеген дөретиўшилик жумысларын айрықша атап өтпекшимен.
Әлбетте, бул ийгиликли ҳәм кең көлемли өзгерислер регионаллық бирге ислесиўимизди раўажландырыўда жаңа имканиятлар есигин ашатуғынына исенемен.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ҳәзирги глобал геосиясий турақсызлық шараятында мәмлекетлеримиз қандай аўыр қәўип-қәтерлерге дус келип атырғанын жүдә жақсы сезип турмыз. Заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў регионаллық бирге ислесиўиимизди және де күшейтиўди, бир-биримизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды талап етпекте.
Бул бағдарда төмендеги тийкарғы бағдарларға итибарыңызды қаратпақшыман.
Бириншиден, Өзбекстан СПЕКА бағдарламасын экономикалық бирге ислесиўимизди кеңейтиў бағдарында ашық ҳәм және де тәсиршең регионаллық платформаға айландырыў тәрепдары болып есапланады.
Усы мақсетте шериклигимиздиң тийкарғы бағдарлары бойынша жумысшы топарлар жумысының нәтийжелилигин кескин арттырыў, Бағдарламамыздың институционаллық тийкарларын беккемлеў ўақыты келди, деп есаплайман.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Европа экономикалық комиссиясы ҳәм ЭСКАТО экспертлери менен биргеликте «СПЕКА-2030» раўажланыў концепциясын ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Екиншиден, Бағдарламамыз шеңберинде Регионаллық саўданы хошаметлеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў мақсетке муўапық.
Бәринен бурын, гәп ҳәзирги тосқынлықларды сапластырыў ҳәм экспорт-импорт операцияларын техникалық жақтан тәртипке салыў илажларын үйлестириў бағдарында дүньядағы ең алдыңғы тәжирийбе ҳәм әмелиятларды енгизиў ҳаққында болмақта.
Таллаўларға бола, мәмлекетлеримиз өз-ара саўда айланысын ҳәзирги 52 миллиардтан 2030-жылға барып 100 миллиард долларға, оның қурамындағы санаат өнимлериниң үлесин болса 70 процентке жеткериў ушын барлық имканиятлар бар.
Үшиншиден, Кәсиплеслерим атап өткениндей, СПЕКАның Мақсетли қорын шөлкемлестириўди тезлестириў ҳәм келеси жылдың өзинде оның әмелий жумысын жолға қойыў керек.
Қордың жумысы, биринши гезекте, «жасыл» экономика, инновациялар, жоқары технологиялар, логистика, альтернатив энергетика, «ақыллы» аўыл хожалығы, заманагөй социаллық инфраструктураны жаратыў ҳәм басқа да тараўлардағы ири жойбарларды қоллап-қуўатлаўға хызмет ететуғынына исенемен.
Қор халықаралық раўажланыў институтлары менен жедел ислесиўи, тийкарғы жойбар ҳәм бағдарламаларға қаржы ресурсларын ҳәм грант қаржыларын ең қолайлы шәртлерде тартыўы керек.
Өзбекстан да оны қәлиплестириў ушын өзиниң қаржылай үлесин қосыўға таяр.
Төртиншиден, бүгин қабыл етилип атырған Транскаспий мультимодал коридоры бойынша мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер алмасыў процесин санластырыўға қаратылған «жол картасы»н турмысқа толық енгизиў тәрепдарымыз.
Бул бағдарда келеси жылдың басында Өзбекстанда мәмлекетлеримиздиң транспорт министрлери, логистика компаниялары, жүк тасыўшылары, ири санаат кәрханаларының басшылары ҳәм тараўдың жетекши экспертлериниң қатнасыўында «Санлы транспорт маршрутлары» халықаралық форумын өткериўге таярмыз.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәнигелескен институтлары менен регионымызда транспорт байланыслылығын күшейтиў бойынша ири жойбарларды жедел әмелге асырыў нийетиндемиз.
Бесиншиден, азық-аўқат қәўипсизлигин нәтийжели тәмийинлеў бойынша жоқары дәрежедеги арнаўлы жумысшы топарын дүзиўди ҳәм оның биринши ушырасыўын келеси жылы Самарқандта өткериўди усыныс етемиз.
Бул илаждың күн тәртибинен жетекши агросанаат кәрханаларымыз арасында кооперациялық байланысларды раўажландырыў ҳәм қосымша қун шынжырларын жаратыў, илимий-технологиялық алмасыўларды хошаметлеў ҳәм ресурсларды үнемлейтуғын алдыңғы шешимлерди енгизиў, «экспресс» коридорларды иске қосыў сыяқлы мәселелер тийкарғы орын ийелейди.
Алтыншыдан, суў, энергетика, экология ҳәм аўыл хожалығы тараўлары өз-ара үзликсиз байланыслы екенинен келип шығып, СПЕКАның кең көлемли жаңа концептуаллық ҳүжжетти – көп тәреплеме «Жасыл стратегиясы»н қабыл етиў ўақыты келди, деп есаплаймыз.
Тәбийғый, бундай өткир ҳәм күн сайын ҳәўиж алып атырған машқалаларды регионымыздағы ҳеш бир мәмлекет жеке ҳалда өз күши менен шеше алмайды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң таллаўларына бола, суў тамтарыслығы себепли регионымыз мәмлекетлеринде ҳәр жылы дерлик 2 миллиард долларға шекем қаржы шығынға ушырамақта. Бундай қурамалы процесс еле де күшейсе, машқалалар комплексли шешилмесе, келешекте халықтың жан басына суў менен тәмийинлеў көрсеткиши 25 процентке, өнимдарлық болса 40 поцентке қысқарып кетиўи мүмкин.
Жетиншиден, СПЕКА шеңберинде исбилермен ҳаял-қызлардың жедел басламаларын ҳәм анық режелерин турақлы ҳәм системалы хошаметлеў мақсетинде СПЕКА Исбилермен ҳаял-қызлар кеңесин дүзиў бойынша усынысымызды көрип шығыўыңызды сорайман.
Саммитимиз алдында өткен бизнес ушырасыўлары бундай сөйлесиўлер дос халықларымыз ушын әҳмийетли екенин және бир мәрте дәлилледи.
Сондай-ақ, Кеңес шеңберинде мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ҳәм экономикалық раўажланыўына улыўмалық бирге ислесиўимиз шексиз үлес қосып киятырғаны ҳаял-қызларды «СПЕКА тән алыўы» халықаралық сыйлығы менен сыйлықлаўды усыныс етемен.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Белгили бир себеплерге бола, бүгинги ушырасыўымыз Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги болған ҳәм регионаллық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып есапланған Аўғанстан мәмлекети ўәкиллериниң қатнасыўысыз өтпекте.
Барлық кәсиплеслериме, Европа экономикалық комиссиясы ҳәм ЭСКАТО басшылығына мүрәжат етип, оларды СПЕКА бағдарламасы шеңберинде аўған тәрепи менен жумысшы байланысларды орнатыў ҳәм бирге ислесиўди қайта тиклеўге шақыраман.
Бул мәмлекетти өз машқалалары менен жеке қалдырыў мүмкин емес. Әмелдеги ҳүкимет пенен халықаралық қарым-қатнас орнатылмаса, ҳеш қандай унамлы нәтийжеге ерисип болмайды.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Пурсаттан пайдаланып, еки күн алдын Парижде қабыл етилген, ЮНЕСКОның Бас Ассамблеясы сессиясын биринши мәрте Орайлық Азияда – әййемги Самарқанд қаласында 2025-жылы өткериў бойынша тарийхый қарарды қоллап-қуўатлағаныңыз ушын сизлерге айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Бул әҳмийетли халықаралық әнжуман шеңберинде регионымыз халықларының уллы цивилизация потенциалын пүткил дүньяға толық көрсетиў ушын биргеликте қоспа илажлар режесин ислеп шығыўды усыныс етемен.
Сөзимниң соңында Өзбекстан халықларымыздың турақлы раўажланыўын ҳәм абаданлығын тәмийинлеў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми регионаллық бағдарламасы шеңбериндеги көп тәреплеме шерикликке садықлығын және бир мәрте тастыйықлайман.
Итибарыңыз ушын рахмет.