Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-ноябрь күни Баку қаласына әмелий сапары шеңберинде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен сөйлесиў өткерди.

Әзербайжан жетекшиси Өзбекстан Президентине БМШтың Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарлама (СПЕКА) биринши саммитин қоллап-қуўатлағаны ҳәм онда жеке өзиниң қатнасып атырғаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президентин СПЕКАда табыслы басшылық етип атырғаны менен қутлықлады.

Өзбекстан-Әзербайжан дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды, соның ишинде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы көрип шығылды.

Система ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер себепли Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықлары сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилгени әмелий мазмун менен байығаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жылдың басынан берли товар алмасыў 34 процентке артты. Автомобиль қурылысы, электротехника, тоқымашылық, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм пиллешилик тармақларында кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Транспорт ҳәм логистика тараўында перспективалы жойбарлар таярланбақта.

Мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары бойынша да пикир алысты. Химия, энергетика, зергерлик, машина қурылысы, қурылыс ҳәм басқа да бағдарларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды және де кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президентин өзи ушын қолайлы ўақытта рәсмий сапар менен Өзбекстанға барыўға мирәт етти.

ӨзА