Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басшылығындағы делегацияның Қытай Халық Республикасына болған әмелий сапары даўам етпекте.

Сапар даўамында делегация ағзалары бир қатар ири компаниялар менен перспективалы шәртнамаларға қол қойды. Бул әлбетте елимиздиң раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қәдемлердиң бири болды.

Делегация ағзалары сапар даўамында Шынжан-Уйғыр автономиялы округи партия комитети хаткери Ма Синжуй менен ушырасты. Ушырасыўда Ма Синжуй усы жылдын март айында мәмлекетимиз басшысы менен ушырасқанын, бүгинги күнде Өзбекстан социаллық-экономикалық жақтан жедел пәтте раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Аймақлар арасындағы бирге ислесиўде бул раўажланыў оғада әҳмийетли екенине исеним билдирди.



Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы А,Орынбаев Қытай регионымыздың екинши тийкарғы импорт етиўши мәмлекет болып, ең ири сыртқы саўда шеригине айланғанын атап өтти ҳәм жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылық етип атырған делегация самал турбинасын ислеп шығарыўшы “Gold wind” компаниясының директоры менен сәўбетлести.




Компания директоры Үстирт тегислигинде күшли самал басымы барлығынан хабардар екенин атап өтти. Сондай-ақ, Қарақалпақстанда 2,5 мың гегаваттлы Самал электр станциясын қурыў ушын үйрениў жумысларын алып барыў бойынша келисимге ерисилди. Және бир әҳмийетли тәрепи компания менен Қарақалпақстанда Самал электр станциясы ушын керекли аўысық бөлеклер ислеп шығарыў бойынша 30 миллион долларлық шәртнама дүзилди.

Қарақалпақстан делегациясы сапар шеңберинде Қытайдың аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық тараўында алып барып атырған жумыслары менен де жақыннан танысты Атап айтқанда, Қытайдың Аксу қаласындағы “Hualing Group” шарўашылықты раўажландырыў бойынша ири кластер компаниясында болды. Онда усы компания менен Қарақалпақстанда шарўашылық тармағын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды. Республикамызға қарамал жеткерип бериў, жасалма жол менен нәсил алыў, сүтти қайта ислеўди жетилистириў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылды.








Компания басшылары бул бағдардағы бирге ислесиўди жолға қойыўдан мәпдар екенлигин билдирди ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң кейинги перспективаларын көрип шығыў ушын декабрь айында өз делегациясын Қарақалпақстан Республикасына жиберетуғынын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги