Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәтина бола 23-ноябрь күни әмелий сапар менен Баку қаласына келди.

Гейдар Алиев атындағы аэропортта жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Яқуб Аюбов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

24-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы БМНтың Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарлама (СПЕКА)ның биринши саммит илажларында қатнасады.






Илаж күн тәртибинен бағдарлама шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, регионаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Мақсетли фонд шөлкемлестириў, транспорт коридорларын санластырыў ушын «жол картасы»н қабыл етиў, исбилерменлик басламаларды алға қойыў ҳәм басқа да мәселелер орын алған.

ӨзА