Президент Шавкат Мирзиёев 22-ноябрь күни «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетинде болып, энергетика системасының қысқы мәўсимге таярлығы менен жақыннан танысты.

Жыл басында келген аномал суўықтан жуўмақ шығарып, система потенциалы арттырылды. Бәринен бурын, ишки имканиятлар толық иске қосылып, тармақлар модернизацияланды. Қалаберсе, сырт елли шериклер менен биргеликте жумыс алып барылды. Мәкеме, кәрхана ҳәм турақ-жайлардағы әҳмийетли мәселелер үйренилип, сапластырылды. Бул жумыслар ҳәр бир мәҳәллеге шекем жетип барды.

– Усы жылы энергетика системасын жақсылаўға барлық дәреклерден 14,5 триллион сум ажыраттық. Қандай шийки зат, буйым, техника керек болса, алып берилди. Енди тараў басшылары жуўапкершиликти толық мойнына алып, анық реже ислеп шығыўы ҳәм энергия жеткерип бериўди кепилликли тәмийинлеўи зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жылдың өткен дәўиринде 675 мегаваттлы электр қуўатлылығы иске қосылды. Республика бойынша 100 подстанция, 11,5 мың трансформатор ҳәм 34 мың километр тармақлар жаңаланды.

Халық ҳәм кәрханаларды тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў мақсетинде қосымша 5 миллиард куб метр кепилликли газ дәреклери шешилди. Жер асты қоймаханаларында жетерли дәрежеде газ резерви жәмленди.

Президентимиз суўық күнлерде энергия ресурсларына болған талапты кепилликли тәмийинлеў бойынша жуўапкерлердиң есабатын тыңлады.

Энергетика министри ажыратылған қаржы есесине усы жылы исленген жумыслар ҳәм жаратылған резерв, күнлик тутыныў ҳәм оны тәмийинлеў мөлшерлери ҳаққында мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, энергетика системасы 1-декабрьден 24 саатлық жумыс тәртибине өтеди. Жақын айларда 1 мың 700 мегаваттлы 8 қуяш ҳәм самал электр станциясы, Сырдәрьяда 500 мегаваттлы газ турбинасы иске қосылады. Сурхандәрьядағы Шарғун кәнинде 900 мың тонна көмир қазып шығарыў басланады.

Сондай-ақ, суйылтырылған газ, мазут, трансформатор, кабель ҳәм басқа да зәрүр қураллардың резерви таярлап қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы энергия дәреклерин турақлы жеткерип бериў, соның менен бирге, төлем интизамын тәмийинлеў әҳмийетли екенин атап өтти. Нызамсыз жалғаныўларға шек қойыў, ҳаўа-райына қарап, жыллы күнлерде энергия ресурсларын үнемлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Илажда «Өзтрансгаз», «Ҳудудгазтаъминот», «Аймақлық электр тармақлары», «Ыссылық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң басшылары да мәлимлеме берди.

ӨзА