Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиӊ мирәт етиўи бойынша 23-24-ноябрь күнлери әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Мәмлекетимиз басшысы Баку қаласында БМШныӊ Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарламасыныӊ  (СПЕКА) биринши саммитинде қатнасады.

Илаждыӊ күн тәртибинен бағдарлама шеӊбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеӊейтиў, регионаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Мақсетли фонд шөлкемлестириў, транспорт коридорларын санластырыў ушын “жол картасы”н қабыл етиў, исбилерменлик басламаларын алға қойыў ҳәм басқа мәселелер орын алған.

СПЕКА бағдарламасы мәмлекетлердиӊ экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыў ҳәм олардыӊ жәҳән экономикасына интеграцияласыўына көмеклесиў мақсетинде 1998-жыл 26-март күни Ташкент декларациясына муўапық шөлкемлестирилген. Қатнасыўшы мәмлекетлер – Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан.

Усы күнлерде Баку қаласында СПЕКАныӊ бир қатар исбилерменлик илажлары, сондай-ақ, экономикалық форум ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниӊ санаат потенциалы  көргизбеси болып өтпекте.

ӨзА