Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-ноябрь күни Бирлескен Араб Әмирликлери Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммед бин Абдуллоҳ ал-Гаргавий басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Министр ал-Гаргавий мәмлекетимиз басшысына Әмирликлер Президенти Шейх Мухаммед Ол Наҳаён ҳәм мәмлекет вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмири Шейх Мухаммед Ол Мактум ҳәм вице-президент Шейх Ол Наҳаённың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Өзбекстан менен БАӘ арасындағы көп тәреплемели байланыслар жоқары пәтте раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлар саны турақлы артып бармақта.
Қабыл етилген «жол картасы» шеңберинде, соның ишинде мәмлекет басқырыўының нәтийжелилигин арттырыў, басқарыў кадрларын таярлаў ҳәм санлы ҳүкиметти раўажландырыў бойынша биргеликтеги бағдарламалар табыслы әмелге асырылмақта.
Дерлик мың семинар, форум ҳәм оқыў курслары өткерилип, оларда 2 миллионға шекем қәнигемиз тәжирийбе арттырды.
Ушырасыўда нәтийжели басқарыў, саўда потенциалын раўажландырыў, қалалар инфраструктурасын модернизациялаў, жоқары технологиялар, жасалма интеллект ҳәм басқа бағдарларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиўден еки тәреп де мәпдар екени тастыйықланды.
ӨзА