Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басшылығындағы делегация ҳәзирги ўақытта әмелий сапар менен Қытай Халық Республикасында болып, ушырасыўлар өткермекте. 

Усы жылдың октябрь айында  Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасы  рәсмий сапары ўақтында әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиў жойбарларын биргеликтеги әмелге асырыў бойынша “Жол карта”сы тастыйықланған еди. Усы сапардан гөзленген тийкарғы мақсет-Қытайдың жетекши компаниялары басшылары менен ушырасыўлар өткериў, олардың жумыслары менен жақыннан танысыў ҳәм бирге ислесиў бойынша перспективалы жойбарларды ислеп шығыўдан ибарат.

Дәслеп делегация ағзалары Пекин қаласындағы Өзбекстан Республикасы елшиханасында “Қарақалпақстан-Қытай бизнес форум” шеңберинде инвестиция ҳәм туризм тараўын раўажландырыў форумына қатнасты. Онда Қытайдың бир қатар ири компаниялары менен В2В ҳәм G2B форматында ушырасыўлар өткерди.

Атап айтқанда “Ji An Tai Technologies” компаниясы менен мраморды қайта ислеў ҳәм алтынды флотация усылында қайта ислеўди шөлкемлестириў, “Norinco International” компаниясы менен жолаўшы тасыўшы транспортларды жеткерип бериў, “Liaoning Lide Investment Holdings Group Pte. Ltd” компаниясы менен қайта тиклениўши энергия дереклери үскенелерин ислеп шығарыў ҳәм “Guangdong Urban &Rural Planning and Design Institute Co., LTD” компаниясы менен Қарақалпақстанда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бағдарламаны ислеп шығыў бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди. Буннан тысқары, Қытай Халық Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде баҳасы 1,4 миллион  АҚШ долларға тең импорт шәртнамалары дүзилди.




Сапар бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ҳәм делегация ағзалары Цзянсу провинциясы партия комитетиниң хаткери Син Чансинь менен рәсмий ушырасыў өткерди. Сәўбетлесиўде  өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм раўажландырыўға хызмет ететуғыны, өз-ара дослық ҳәм шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығатуғыны атап өтилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде соңғы жылларда қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлар,  Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығы арттырыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳәм исбилерменлерге жаратылған шараятлар туўралы мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары Чженьцзянь қаласындағы “World Group” аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў компаниясында болып, көргизбе павильоны менен танысты. Компания бас директоры Чжу Линьцзуан менен ушырасыўда елимизде аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў санаатын раўажландырыў, халықты жергиликли ислеп шығарылған техникалар менен тәмийинлеў, аграр секторды аймақлардың климат ҳәм топырақ шараятына сәйкес келетуғын заманагөй ҳәм арзан аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў, компанияның рәсмий аўыл хожалығы техникаларын жыйнаў ҳәм сервис хызметин көрсетиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймағында жаңа кәрхана шөлкемлестириў бойынша дәслепки келисимге ерисилди.







Соның менен бирге Қытайдың “Jiansu Tiansheng Pharmaceutical co., LTD” директорлар кеңеси баслығы Цзи Хао менен де ушырасыў болды.  Компания басшысы 2018-жылда 5 миллион доллар инвестиция киргизип, Нөкис районында қоспа кәрхана шөлкемлестирилгенин, ҳәзирги ўақытта дерлик 150 адам жумыс пенен тәмийинленип, боян тамыры экстратын сырт мәмлекетлерге экспорт етип атырғанын атап өтти. Бул бағдардағы жумыслар еле де даўам еттирилип, кәрхананың жумысын кеңейтиў мақсетинде 2024-жылдың биринши шерегинде Қарақалпақстанда болып, жаңа жойбарларды әмелге асыратуғынын атап өтти.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан делегациясы сапар даўамында Қытайдың бир неше ири исбилерменлери менен G2B ҳәм B2B форматында ушырасыўлар өткерди ҳәм бирге ислесиў бойынша шәртнамаларға қол қойылды. Атап айтқанда Қараөзек районында жайласқан “KARAKALPAK SEMENT” ҳәм “SHAH POLAN” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери тәрепинен Қытайдың жетекши кәрханалары менен улыўма баҳасы 135,3 миллион АҚШ долларына тең төрт инвестициялық келисимге ерисилди. Олар  Sinoma–Liyang Heavy Machinery Co., LТD кәрханасы менен цемент ислеп шығарыўды кеңейтиў нәтийжесинде күнине 3200 тонна қуўатлылыққа ийе клинкер ислеп шығарыў, Nanjing Henghui Building Materials Technology Co., LT кәрханасы менен автоклав газобетон ислеп шығарыў, Nanjing Henghui Building Materials Technology Co., LT кәрханасы менен ҳәк ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, Nanjing Bai Sheng Glass Technology Co., LtD кәрханасы менен шийше кристалл ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарлары болып табылады.

Сапар даўамындағы келисимлер жәҳәнде жетекши орынды ийелейтуғын Қытай мәслекети менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығып, әмелге асырылатуғын жойбарлар республикамыздың экономикалық потенциалын буннан былай да арттырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, ең баслысы халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги