Президент Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни Ташкент метрополитенинде хызметлер сапасын арттырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Кейинги жылларда метрополитен қамтып алыўын кеңейтиў мақсетинде қосымша 32 километр жол қурылды, 21 жаңа станция иске қосылды. 15 заманагөй метро поездлери алып келинди. Жаңа жөнелислер пайтахтымыздың Яшнабад, Мирабад, Сергели, Янгиҳаёт ҳәм Юнусабад районларынан өтип, халықтың күнделикли қатнаўына қолайлық жаратты.
Бүгинги күнде метрополитеннен пайдаланатуғын жолаўшылар саны 5 есеге артып, күнлик қатнаў 720 мың жетти. Күнниң тығыз ўақтында поездлер келиў ўақты бурынғы 5-7 минуттан 2 минутқа шекем қысқарды.
Мәжилисте транспорт ҳәм қурылыс тараўының жуўапкерлери метрополитенниң бүгинги жағдайы ҳәм келеси режелер бойынша мәлимлеме берди.
Мәмлекетимиз басшысы метро хызметлериниң сапасын арттырыў, ҳәрекет қолайлығы ҳәм қәўипсизлигин күшейтиў бойынша көрсетпелер берди. Және жаңа вагонлар алып келип, пайдаланыў мүддети өткенлерин жаңалаў, еки минутлы интервалды тәмийинлеў зәрүр екени атап өтилди.
Ташкент метрополитенин трансформациялап, дәраматын арттырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
ӨзА