Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 21-ноябрь күни жер реурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жер есабын алып барыў ҳәм кадастр хызметлериниң сапасын жақсылаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Аймақлардағы экономикалық өсиў, азық-аўқат қәўипсизлиги, жумыс орынлары ҳәм инвестиция ағымы, бәринен бурын, жерге байланыслы. Ақырғы үш жылда санластырыў есабынан 40 миллион гектар ямаса жәми жерлердиң 90 проценти кадастрда мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

Соның менен бирге, 44 миллион 800 мың гектар жер майданы 8 миллион 300 мың имарат ҳәм объекттиң мүлк сыпатындағы базар баҳасы есапланбаған. Ҳәзирги ўақыттағы имарат ҳәм объектлердиң шәртли кадастр баҳасы 70 миллиард долларды қурайды. Тийкарында, олардың ҳақыйқый базар баҳасы оннан кеминде 4-5 есе көп. Оған жердиң базар баҳасы да қосылса, үлкен «экономикалық актив» болады.

Тараўда заманагөй аэрофотокамера ҳәм дронлар қолланып атырғаны нәтийжесинде көп резервлер анықланбақта. Мәселен, Қаршы районында егин жерлери 45 мың гектар деп көрсетип келинип атырған болса да, есабатта жайлаў болып турған 5 мың 100 гектар майдан да тийкарында суўғарылатуғын жер екенлиги анықланды. Бул бюджетке қанша түсим, қанша жумыс орны ҳәм дәрамат жоғалтпақта, деген сөз.

Улыўма алғанда, аўыл хожалығында 286 мың гектар жердиң ҳуқық белгилеўши ҳүжжетлери толық емес. Турақлы пайдаланыў ушын ажыратылған 460 мың гектар жердиң ҳуқықый статусы анық емес. 159 мың гектар жердиң ҳүжжеттеги ҳәм әмелдеги майданы бир-биринен өзгешеленеди.

Ақыбетте, жәми 900 мың гектардан аслам аўыл хожалығы жерлери кадастр дизиминен өтпестен тур. Кадастры жоқлығы себепли оларды тәкирар егинлер ушын рәсмий екилемши ижараға бериў имканияты болмай атыр. Олар себепли кеминде 300 мың жумыс орны, тәкирар егиннен алынып атырған өним ҳәм рәсмий емес ижараның есабы жүргизилмей атыр.

Соның ушын бундай жерлер нәтийжелилигин үйрениў ўазыйпасы қойылды. Егер дийқан ҳәм фермерлер жерден үнемли пайдаланып атырған болса, олар менен ижара шәртнамасы дүзиледи ҳәм кадастр дизимине алынады. Керисинше, ақылға уғрас пайдаланылмай атырған жерлер ҳәкимлик резервине қайтарылады.

Жуўапкер министрликлерге бул системаны әмелиятқа енгизиў, келеси жыл аэросүўретке алыў ҳәм аўыл хожалығы жерлериниң кадастрын толық жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы өткен ҳәптеде Сурхандәрьяға сапары ўақтында экспортқа қолайлы овощлар егиў имканиятларын айтқан еди. Аймақларда оны қәлеўши ўатанласларымыз көп.

Соның ушын ҳәр бир районда экспортқа қолайлы овощ егиўге болатуғын кеминде 100 гектардан бос жерлер ажыратылыўы белгиленди. Бул бойынша презентациялар өткериледи, өним жетистириўшилер «фермерлер мектеби»нде оқытылады. Өнимли туқымлар кепилленген жеткерип бериледи. Егислик жер «жумыстың көзин билетуғын», экспорт көнликпелерге ийе инсанларға аукцион арқалы ижара ҳуқықы менен сатылады.

Мәжилисте жер есабын дурыс алып барыў мәселесине итибар қаратылды.

Ҳәзирги күнде 817 мың гектар жер халық жасаў ҳәм санаат аймағына айланып кеткен, бирақ есабатларда аўыл хожалығы жерлериниң категориясында тур. Кадастр агентлиги ҳәм ҳәкимликлерге бул анықсызлықларды шешиў, әмелдеги «жер балансы»н есабатта дурыс сәўлелендириў бойынша көрсетпелер берилди.

Суў хожалығында да ҳүжжети көп жерлер бар. Олардан қосымша экономикалық нәтийже алыўдың жолы – толық кадастрдан өткериў. Бир сөз бенен айтқанда, бул – жумыс орны ушын да қосымша резерв.

Соның ушын канал ҳәм коллекторлар, тәбийғый көл ҳәм дәрьялар алдындағы жерлерди ҳүжжетлестирип, халыққа экспортқа қолайлы егинлер ушын бериў ўазыйпасы қойылды.

Жол хожалығында белгили ишки жоллар ҳәм оған тутас жерлерде ҳүжжет жоқ. Мәселен, Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде ишки жоллар шегарасын белгилеў ўақтында аукционға шығарса болатуғын 2 мың 700 ден аслам бос жер участкасы анықланған. Соның ушын келеси жыл «Басламалы бюджет» ҳәм «Мениң жолым» жойбарлары шеңберинде ишки жоллардың кадастр ҳүжжетин таярлаў да нәзерде тутылады.

Мәжилисте жерлерден нәтийжели пайдаланыў мәселеси ҳәр тәреплеме талланды.

Қаншелли қыйын болмасын, соңғы бес жылда аўыл хожалығынан 42,5 мың гектарды қысқартып, елатлы пунктлер ҳәм санаат жерлериниң категориясына өткерилди. Бирақ ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери олардан нәтийжели пайдалана алмай атыр. Атап айтқанда, 100 районда категориясы өзгерген 17,5 мың гектар жер я исбилерменге берилген, я аукционға шығарылған. Санаат зоналарында да бос жерлер бар. Ақыбетте миллиардлап сум бюджет түсими шығынға ушыраған.

Ҳәкимлерге бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша қатаң көрсетпелер берилди.

Кадастр тараўы ушын кадрлар таярлаў, олардың тәжирийбесин арттырыў да әҳмийетли ўазыйпалардан. Ҳәзирги күнде бул бағдардағы оқытыў сапасы талап дәрежесинде емес. Айырым факультет ҳәм кафедралар атына ашылған, оқыў бағдарламалары заманнан артта қалған.

Соның ушын оларда заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў, жаңа оқыў әдебиятлары ҳәм сырт елден маман қәнигелер алып келиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилис соңында министрлик, ҳәкимлик ҳәм уйымлардағы атқарыў тәртиби жағдайына тоқтап өтилди.

– Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында жүдә үлкен реформаларды әмелге асырмақтамыз. Ҳеш бир тараў итибардан шетте қалып атырғаны жоқ. Бирақ, реформалар «қағазда» калып кетпеўи керек. Министрлик ҳәм тармақ басшылары, ҳәкимлер орынларда олардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеўи шәрт,-деди Президент.

Айырым басшылар сан артынан қуўып, сапа, нәтийжелилик ҳәм талапшаңлықты төменлеткени көрсетип өтилди. Орынлаў тәртибин тәмийинлеў, барлық бағдарлама, «жол картасы» ҳәм жойбарларды өз мүддетине орынлаў зәрүр екенлиги қатаң атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА